Тақыятас районы Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен үйлеринде, мәкеме, кәрханаларда ийис гази ҳәм өртлердиң алдын алыў бойынша кеӊ көлемли үгит-нәсият жумыслары, ушырасыўлар, рейдлер өткерилип келинбекте. Тилекке қарсы, айырым пуқараларымыз тәрепинен әпиўайы ғана қағыйда талапларын орынламағанлығы ақыбетинде өртлер ҳәм ийис газинен зәҳәрлениўлер, пуқараларымыздың набыт болыў жағдайлары көплеп ушыраспақта. Турақ жайларда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына итибарсызлық пенен қараў, насаз электр үскенелеринен пайдаланыў, газ плиталарын ҳәм шығындыларды жағып, қараўсыз қалдырыў, орнатылған печлердиӊ морылардың насазлығы, жас балаларды жалғыз таслап кетиўлери, олардыӊ шырпы менен ойнаўы ақыбетинде турақ жайларда көплеп өртлер пайда болмақта.
Бөлмеде ийис гази пайда болғанын сезбеўи мүмкин. Себеби, ийис газы бул – реңсиз, ийиссиз зәҳәрли газ болып есапланады. Адам дем алғанда ҳаўада 0,1 % ийис гази болса өлимге алып келиўи мүмкин. Ийис гази организмге киргенде кислород пенен тәмийинлеўди қыйынластырады, нәтийжеде адамда төмендеги белгилер пайда болады:
– бас аўырыў, мийи айланыў, есинен таныў, уйқысы келиўи, көзинин алды қараңғыласыў, еситиўдиң пәсейиўи, қатты терлеўи, дем алыўы қыйынласыўы, тамағыныӊ ашыўы ҳ.т.б.
Егерде турақ жайыӊызда газ тармағында насазлықлар анықланса, газ ийисин сезсеӊиз айна ҳәм есиклерди ашып хананы шамаллатын, 104-газ хызмети ҳәм 1050 қуткарыў хызметине хабар бериң.
Шарапат Убенов,
Тақыятас районы, АЖБ 16-ӨҚБ смена баслығы капитан.
