Билим ҳәм илим жолында

Қарақалпақ халқының тарийхында Шымбай қаласы ҳәм оның әтирапы тарийхый ўакыяларға оғада бай болыўы менен белгили. Усы ўақыяларға байланыслы тарийхый естеликлер сөзимиздиң айқын дәлили ретинде бүгинги күнге шекем сақланып киятыр. Бержағы Турым көпир, аржағы Ахунбаба, Шахаман, Қарақум ийшан естелиги аймақлары халқымыздың өтмиштеги турмысында сиясий, экономикалық, мәдений жақтан терең из қалдырған. Бул аймақ бир жағынан халқымызды өзине тән тарийхы, мәденияты менен таң қалдырған болса, екинши жағынан усындай орталықтан нәр алып тәрбияланған инсанлар менен де белгили. Солардың қатарында усындай тарийхый орталықтан шығып жетилисип киятырған, бүгинги күни билимлендириў ҳәм илим жолында жемисли мийнет етип киятырған инсанлардың бири Жолмырза Хакимниязовты да қосып айтсақ арзыйды. Испан халқының аты дүньяға белгили жазыўшысы Мигель де Сервантес «Тарийх – бизиң ис-ҳәрекетимиздиң ғәзийнеханасы, өтмиштиң гуўасы, бүгингилер ушын сабақ ҳәм үлги, келешекте сақлыққа шақырыўшы – ишара» деп жазған екен. Ал, халқымыздың уллы перзенти И. Юсупов «тарийх, бул қызығыўшылары, оқыўшысы ең көп илим. Әсиресе ол белгили бир халықтың, елдиң тарийхына дерекли болса, миллий, пуқаралық сезими сергек адамлар өз халқының, өзиниң тарийхын билгиси келеди» деген еди. Сонлықтанда туўылып өскен орталықтың тәсири ҳәм данышпанлардың усындай сөзлеринен тарийхқа болған қызығыўшылығы артып барған Жолмурза Ҳакимниязов 1963-жылы 1-сентябрьде Шымбай районы «Таза жол» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында туўылды. Дәслеп ҳәзирги 13-санлы мектепте, ал, кейин ҳәзирги 15-санлы мектепте оқып билим алды. Жаслайынан усындай тарийхый орталықта өсип жетилискен Жолмурзаға мектепти питкергеннен кейин кәсип таңлаўда қыйыншылық болған жоқ. Ўатан алдындағы хызметин өтеп келгеннен кейин университеттиң таярлық курсында оқып болып тарийх қәнигелигине ҳүжжет тапсырып студент болыўға миясар болды. «Болар бала бес жасынан белгили» дегендей дәслеп группа жетекшиси болса, кейин ала сол дәўирдеги студентлик қурылыс отрядларына басшылық етип өзиниң шөлкемлестириўшилик укыбы менен көзге түсти. Университетти табыслы питкерип шыққаннан кейин устазлары Қ.Сарыбаев, Е.Бижанов, М-Ш.Қыдырниязов, М.Төребековлардың қоллап-қуўатлаўы менен илимий жумысын даўам етти. Өзиниң шебер шөлкемлестириўшилик уқыбы менен университетте бирқанша лаўазымларда нәтийжели жумыс атқарды. Атап айтқанда 1990-жылдан баслап Нөкис мәмлекетлик университети жанындағы зийрек балалар Республика мектеп-интернаты оқытыўшысы, 1991–1993-оқыў жылларында университеттиң «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халықлары тарийхы» кафедрасының стажёр оқытыўшысы, кейин ассистенти, 1994–1995-оқыў жылынан баслап Тарийх факультети деканының оқыў ислери бойынша орынбасары, 2000–2001-оқыў жылында университеттиң оқыў бөлиминиң баслығы, юридика-тарийх факультети деканы, гуманитар факультети деканы, 2005–2007-жыллары университеттиң оқыў ислери бойынша проректор ўазыйпасын атқарыўшы, 2007–2011-жыллары гуманитар факультети деканы лаўазымларында ислеген болса, 2011–2016-жыллар аралығында «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» кафедрасы баслығы болып иследи. Ал, ҳәзирги ўақытта «Археология» кафедрасының баслығы болып ислемекте.

1999-жылы 8-июль күни Өзбекстан Илимлер Академиясы Самарқанд Археология институты жанындағы қәнигелестирилген Илимий кеңесте «Орта әсирлер Хорезмде жәмийетлик – сыйыныў қурылыслары (XI-XV әсирлер)» атамасында кандидатлық диссертация жумысын профессор Т. Ширинов басшылығында табыслы қорғады. 2005-жылы доцент илимий атағына ийе болды. Бүгинге күнге шекем Ж.Ҳакимниязов өзиниӊ илимий өмириниӊ 30 жылдан аслам ўақтын халқымыз тарийхы менен байланыстырып келмекте. Бүгинги күнде «Қубла Арал бойларындағы диний ҳәм сыйыныў қурылыслары» атамасында докторлық жумысын ислеп атыр. Әлбетте, бул жумысларды иске асырыў үлкен мийнетти талап етеди. Себеби, бир жағынан шөлкемлестириўшилик жумыслары, екинши жағынан жасларға билим берип барыў ҳәм үшинши жағынан илимий жумысты даўам етиў аңсат емес. Бул жумысларды орынлаў ушын республикамыздағы көплеген тарийхый орынларда археологиялық изертлеў жумысларына қатнасып келмекте. Олардан 1990-жыллардан баслап Хожели аймағындағы Миздақхан археологиялық комплексинде үзликсиз изертлеў жумысларын алып бармақта. Бул жумысларға студентлик дәўирден қатнасып басланған еди. Кейинги жылларда Топырақ қала (Қоңырат), Буўрахан қала (Қоңырат), Қорғанша (Тахтакөпир) ҳәм Бағдат қала (Қараөзек), Қусхана (Нөкис) естеликлериндеги археологиялық қазыў жумысларына қатнасады. Ал, 2021-жылдан баслап Мойнақ аймағындағы «Сулайман Бақырғаний-Ҳаким ата» зиярат комплекси әтирапында археологиялық изертлеў жумысларын жүргизип атыр. Соның менен бирге Россия, Канада, АҚШ, Қазақстан, Өзбекстан, Қарақалпақстанның илимий орайларында өткерилип атырған халықаралық ҳәм республикалық илимий әнжуманларда Қубла Арал бойы археологиясы ҳәм тарийхының актуал машқалалары бойынша баянатлары менен белсенди қатнасып келмекте. Айрықша айтып өтиўимиз керек, 2005-жылдан баслап Ж.Ҳакимниязовтың белсенделик ҳәрекети менен университетте Қарақалпақстан тарийхы сабағы өтилип киятыр.

Ж.Ҳакимниязовтың 130 ға жақын Илимий-теориялык конференциялар топламларында ҳәм Илимий журналларда мақалалары жәрияланған. Соның ишинде жәми 13 китап, 3 монография, 2 сабақлық, 2 оқыў қолланба ҳәм илимий-методикалық қолланбалары және де илимий китаплары баспаларда жәрияланды. Атап айтқанда 2004-жылы «Хорезмшахлар дәўириндеги жәмийетлик-сыйыныў қурылыслары» методикалық қолланбасы, усы жылы устазы Ғ.Хожаниязов пенен биргеликте «Қарақалпақстанның әжайып жети естелиги» китабы, 2019-жылы шәкиртлери Ж.Төрениязов ҳәм Ҳ.Өтегеновлар менен биргеликте «Жаңа дәўирдеги қарақалпақлар тарийхнамасы» оқыў қолланбасы баспадан шыққан болса, әсиресе 2022-жылы «Орта Азия археологиясы (әййемги тас дәўир)» оқыў қолланбасы, усы жылы «Орта Азия археологиясы: тас, энеолит, бронза, темир ҳәм антик дәўир» сабақлығы ҳәм 2023-жылы «Орта Азия археологиясы: орта әсирлер» сабақлығы қарақалпақ тилиндеги дәслепки мийнетлер болып, студентлердиң терең билим алыўы ушында кең мүмкиншиликлер туўдырып берди. Соның менен бирге халқымыздың тарийхын кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм оны үгит-нәсиятлап барыўда ҳәр дайым баспасөз бетлерине мақалалар жәриялаў менен бирге телевидениеге Қарақалпақстанның археологиялық естеликлери бойынша «Үлкемиз бойлап» ҳәм Өзбекстан тарийхы каналының «Ўзбекистон тарихи», «Мозийдан садо» телекөрсетиўлеринде жийи-жийи шығып, илимий мағлыўматлар берип барады. Докторантурада билим алып атырған излениўшилерге илимий басшылық етпекте. Оның басшылығында 2022-жылы бир докторанты PhD, екинши докторанты жақлаў алдында турыпты. Университет жанындағы Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша шөлкемлестирилген Илимий кеңестиң илимий семинары ағзасы ретинде жасларды илим жолына бағдарлаўға өзиниң салмақлы үлесин қосып келмекте.

Ж.Ҳакимниязов университет ректораты тәрепинен илим ҳәм билимлендириў тараўында жас әўладты тәрбиялаўдағы мийнетлери ушын бирнеше Алғыснама ҳәм Ҳүрмет жарлығын алыўға миясар болды. 2022-жылы Қарақалпақстан Республикасы «Халық билимлендириў ағласы» көкирек нышанын алыўға еристи. Ҳакимниязов Жолмурза Хожабекович шаңарақлы. Еки ул, бир қыздың əкеси. Өмирлик жолдасы менен биргеликте перзентлерин тəрбиялап, жəмийетимиз ушын керекли инсан етип кәмалға келтирген.
Биз достымыз Жолмурза Ҳакимниязовтыӊ 60 жасқа толыўы менен шын жүректен қутлықлап, илимий дөретиўшилик жумысларында талмас күш-ғайрат, беккем денсаўлық, халқымыздың ийгилиги жолындағы жумысларында жаңадан-жаңа табыслар тилеў менен бирге, 101 жаслы француз қариясы Жюль Скокар «Ҳаял адам еркекти дурыс жолға баслап жүриў ушын жаратылған» деп айтқанындай, Жолмурзаның усындай жетискенликлерге жетисиўинде шаңарағының уйтқысы, перзентлериниң тәрбияшысы Шәҳәргүлдиң хызметлериниң уллы екенлигин айрықша тән алыўымыз керек ҳәм достымыздың алдағы жумысларында жарық жулдызы болып қала береди деп исенемиз.
А.Қудияров,
ҚМУ дың доценти, тарийх илимлериниң кандидаты.