Елимизде жасларға итибар оғада күшли. Олардың билим, илим ийелеўлери ушын шараятлар, жеңиллетилген имканиятлар жаратылмақта. Буның дәлили сыпатында быйылғы мәмлекетлик тест жуўмақларынан кѳриўимиз мүмкин. Жоқары оқыў орынларына кирген питкериўшилердиң саны жылдан-жылға артып, жоқары билимлендириў квотасы ушын
ажыратылған мәмлекетлик грант орынларын ийелеў салмағы да жылдан-жылға артып бармақта. Усы жылы мәмлекетлик грант ушын 34930 квота ажыратылған болса, оның 77 процентин быйылғы мектеп питкериўшилери ийелегенлигиниң ѳзи мектеп билимлендириўине деген итибардың нәтийжеси екенлигин билиўимиз керек.
«Жаңа турмыс ушын, жаңа Ѳзбекстан ушын» сүрени астында ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллық байрамы кѳп шаңарақларда қос қуўаныш болып байрамланып атыр. «Байрам байрамдай, той-тойдай болсын» – деген жақсы ибаралар бүгин кѳп шаңарақларда өз көринисин тапқан. Тыныш ҳәм бахытлы елге байрам, тойлар жарасады екен. Парахатшылығымызға, бирлигимизге кѳз тиймесин. Билимли жасларымыз елимиздиң раўажланыўына салмақлы үлесин қосыўына тилеклеспиз ҳәм исенемиз.
