СӘЛЕМ МЕКТЕБИМ

Сентябрь. Жаңа оқыў жылының бириши күни. Кѳшелер ерте таңнан қолларына бир қушақ гүллер менен ана мектебине қарай асыққан оқыўшылар менен толы. Бул күн ҳақыйқатында да айрықша ѳзгеше күн. Мектеп сағынышында келген оқыўшылар ушын дәслепки қоңыраў сести жаңлайды. Перзентлери мектеп босағасын атлап, туңғыш қәдем қойып атырған ата-аналар ушын да күтилген, умытылмас қуўанышлы күн…
2023-2024-жаңа оқыў жылы Нѳкис қалалық 23-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Жаңа турмыс ушын, жаңа Ѳзбекстан ушын» сүрени астында шѳлкемлестирилген «Биринши қоңыраў» илажы салтанатлы жағдайда басланды. Быйылғы жылы мектептиң 1-класына 114 оқыўшы қабыл етилди. Оларға 12 атамадан ибарат оқыў қураллары ҳәм сабақлықлар топламынан ибарат Президент саўғасы тапсырылды.
Ѳзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери ҳәм экологиялық комитети баслығы орынбасары Б.Мәтмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы Министри Б.Жүзбаев қатнасып, Ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллығы ҳәм басланып атырған жаңа оқыў жылы менен қутлықлады. Соның менен бирге Жоқары оқыў орынларына кириўде ҳүкиметимиз тәрепинен ажыратылып атырған квоталар, берилген жеңилликлерге айрықша тоқтап ѳтти. Бул имканиятлар жасларымыздың айдын келешегиниң тырнақ тасы болып хызмет ететуғынын айтып, мектеп босағасына туңғыш қәдем қойып атырған биринши класс оқыўшыларына табыслар тиледи.
Соң жаңа оқыў жылының дәслепки қоңыраўы қағылып классларда «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Ѳзбекстан ушын» сүрени астында ғәрезсизлик сабақлары басланды.
Сүўретте. 1-а класс муғаллими Мийригүл Палўаниязова.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршымыз.