2023-2024-оқыў жылынан баслап Президент мектеплери ҳәм қәнигелестирилген мектеплер улыўма орта билим бериў мәкемелери ушын «таяныш мектеп» етип белгиленеди

Бул ҳаққында Президентимиздиң 2023-жыл 11-сентябрьдеги «Өзбекстан – 2030» стратегиясын 2023-жылы сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында мәлим етилди.
Онда, улыўма орта билим бериў мәкемелериниң муғаллимлери «таяныш мектеплер» тәрепинен жаңа билимлендириў бағдарламалары, сабақ өтиўдиң алдынғы методикалары ҳәм оқыўшы билимин баҳалаўдың заманагөй усылларына үйретиледи.