Жаздың қайнаған ыссылары шегинип, орнын гүздиң қоңыр салқыны ийелеп баслады. Адам организми ыссы температурадан бирден салқынға үйрениўи аңсат болмайды. Сол себепли салқын ҳаўада грипп кеселлиги ҳәўиж алады. Әсиресе, жасы үлкенлер менен кишкене балалардың организми нәзик болады. Тез-тез шамаллап, грипп болыўы мүмкин. Бул кеселликти әпиўайы кѳрип, ѳтип кетеди-деп ойлаў қәте түсиник. Оның ақыбети ҳәр қыйлы кеселликлерге алып келеди. Тымаўлағанда дәслеп тамақ, мурын, қулақ, тис кѳбирек жәбир кѳреди. Бәри бир-бирине байланыслы болғанлықтан изли-изинен түрли кеселликлерди келтирип шығарады.
Жасыүлкенлер менен балалардың салқын түсиўден кийиниўине итибар бериў керек.
Аяқтан ѳтетуғын аяз пүткил денени ийелеп алады. Сол себепли денени жыллы услаў зәрүр. Гүз-ең сақый пасыл. Бул ўақытлары ҳәмме мийўелер писип, жыйнап алынады. Сол ушын писикшиликте мийўелерге тойынған организм қыста жәбир шекпейди.
Қаўын-ғарбыз, алма-жүзим базарларда қалталарымыз кѳтеретуғын жағдайда, онша қымбат емес.
Ҳәр күни таңда турыўдан айналарды ашып, дене шынығыўын ислеў денсаўлық ушын жүдә пайдалы. Буннан соң азанғы ҳалқасты жеп болып, жақсы кейпиятта өз шарўаларың менен кѳшеге шығасаң. Мүмкиншилиги болса күн бойы машиналарда жүрместен жаяў жүриў пайдалы екенин биз айтпай-ақ билесизлер. Кишкене балалар ата-анасының ғамқорлығына зәрүр. Олардың кийиниўине, жеп-ишиўине жүдә итибарлы қараў керек. Енди ѳсип киятырған организм ушын оғада итибарлы болмаса кейин ала балаңызда ҳәр қыйлы аўырыўлар ушыраўы мүмкин.
Қәйткенде де үлкенге де кишиге де денсаўлық таптырмас байлық екенин бир минутта умытпасақ еди. Азырақ аўырсақ сонша дәри менен организмди қайта тиклеймиз-деп қалтамызға да жәбир кѳрсетемиз.
Солай екен, ѳз ўазыйпамыздан келип шығып сизлерге айтатуғынымыз бәрқулла денсаўлықларыңызға жүдә итибарлы қараңызлар. Орын толмас ѳкинишлерге себепши болып қалмаңлар деў менен шекленбеймиз.
Ҳәр қашан денсаўлық ҳаққында гәп болса, қайсы пасыл болса да мәсләҳәт бериўди биз умытпаймыз. Орынлаў ѳзлериңизге пайлы.
А.Авезниязова,
М.Камалова,
Г.Бакиева,
С.Тажибаева.
Қәриялар, майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын «Тақыятас» санаториясы мийирбийкелери.
