Өмир деп аталған жәҳәнде бир инсан жасайды. Ол инсан шам сыяқлы пүткил әлемге нур таратады. Бул меҳри дәрядай толып-тасқан әзиз – аналар. Ол инсан арқалы сиз барсыз, жарық дүньяға келдиңиз.
Бул үш ҳәрип астында көп мәни бар. Ана ҳаққында жазылмаған гүрриң, айтылмаған қосық болмаса керек.
Ана деген сөзди еситиў, оны айтыўдай уллы сезим жоқ.
Сизиңше ана өзи ким?
Ана қараңғы түнди нурландырған, жулдыздай жарқырап, қуяштай күлимлеп жүретуғын әжайып инсан.
Сени қурсағында тоғыз ай, тоғыз күн көтерип жүрген, сени бул жарық дүньяға келтирген бийбаҳа инсан.
Түн уйқысын төрт бөлип, сени әлпешлеп, кәмалға келтирген, кеминде он бес жыл сениң кийимлериңди жуўған хызметкер.
Сонша жыл саған мазалы аўқатлар писирип жегизген аспаз. Туўылғаныңнан сен аўырып қалғаныңда түнлери уйқыламастан қасыңда болған шыпакер.
Перзенти ушын өз жанынан кешиўге таяр болған жанкүйер.
Сеннен ҳеш нәрсе үмит етпестен, тек ғана барлығыңды бахыт деп билетуғын жалғыз инсан.
Жеместен жедирген, кийместен кийдирген, не болса да биринши балама болсын деген пидайы қәўендер. Бир сөз бенен айтқанда жердеги периште. Жер бетинде анаға тең келетуғын қүдирет жоқ деп ойлайман.
Ана ҳеш қашан өзиниң аўырғанын билдирмейди, перзентлериниң ерискен жетискенликлери менен мақтанып жүреди.
Сѳзимниң жуўмағында анама мына сөзлеримди айтқым келеди. Анамның күлимлеген жүзин көриў мен ушын бахыт.
Анажаным! Ҳеш қашан жүзиңизден күлки, өмириңизден мәни, шийрин тилиңизден жыллы сөзиңиз кетпесин. Атқан ҳәр бир қәдемиңизге гүл питсин. Жәннет – аналар аяғы астында дегениндей жәннетим анам, сиз саў-саламат жүриң, ҳақыйқый бахыт не екенин сезинип жасайын. Билемен өзиңиз ушын жасамайсыз. Мен ушын өзиңизди асыраң!
Шахноза
Оразымбетова,
Бердақ атындағы ҚМУ дың Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 4-курс студенти.
