Пайтахтымызда Мектепке шекемги билимлендириў агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген “Жылдыӊ еӊ жақсы тәрбияшысы — 2023” кәсиплик таӊлаўы жеӊимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Усы жыл август айы даўамында таӊлаўдыӊ район (қала)лық басқышы өткерилип, онда 9 146 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жумыс алып барып атырған жоқары маман методист ҳәм тәрбияшылар қатнасқанлығын атап өтиў керек.Соннан 912си ўәлаятлық басқышқа жоллама алған еди. Таӊлаўдыӊ республикалық басқышында болса жәми 82 қатнасыўшы жеӊимпазлықты қолға киргизиў ушын беллести.
Қатнасыўшылар “Ең жақсы методист”, “Ең жақсы пидайы тәрбияшы”, “Ең жақсы дөретиўши-ойлап табыўшы тәрбияшы”, “Инновациялық ҳәм мәлимлеме технологияларын қолланатуғын ең жақсы тәрбияшы”, “Ең жақсы эко-үгит нәсиятлаўшы тәрбияшы”, “Ең жақсы руўхый кәмилликке жетеклейтуғын тәрбияшы” номинацияларында өз билим ҳәм көнликпелерин сынақтан өткерди.
— Пүткил мәмлекетимизде болғаны сыяқлы Қарақалпақстанда да жас әўладтыӊ өсип жетилисиўи жолында салмақлы жумыслар исленип атыр, — дейди таңлаўдың “Ең жақсы дөретиўши-ойлап табыўшы тәрбияшы” номинациясы жеӊимпазы қарақалпақстанлы Матлуба Утепова. — Жаңа бақшалар қурылып атыр, барлары заманагөй усылда оӊланбақта. Системаға жаңа методикалар, көзқараслар енгизилмекте. Таӊлаўда билим ҳәм тәжирийбемизди көрсеттик. Жеӊимпазлар қатарында екенлигимнен қуўанышлыман.
Жеӊимпазлар ақшалай ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қ.Х.А.
