ЖАРАТЫЛҒАН ИМКАНИЯТ ҚУЎАНЫШҚА БѲЛЕДИ

Елимизде жасларға қаратылып атырған имканиятлар, билимлендириў системасында алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде соңғы жыллары жоқары билимлендириў орынларының саны артып, қабыллаў квоталары ҳәр жыл сайын кѳбеймекте.

Президентимиздиң 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы Пәрманы менен Қарақалпақстан Респуб­ликасында турақлы жасайтуғын ҳәм де улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессиональ билимлендириў шѳлкемлерин тамамлаған жаслар ушын мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 мың квота сондай-ақ, тѳлемли-контракт тийкарында қосымша 6 мың 500 квота ажыратыў белгиленген еди. Онда ең дәслеп Қарақалпақстан аймақлары ҳәм бағдарлар кесиминдеги бар зәрүрликке тийкарланып топлаған балының жоқарылығы бойынша избе-излиликте 3 мың грант орынлары, яғный, жоқары балл менен контрактқа кирген ямаса жоқары балл менен оқыўдан жығылған абитуриентлер грантқа, оқыўдан жығылған 6 мың 500 абитуриент топлаған балының избе-излиги бойынша тѳлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етилиўи, қуўанышқа бѳледи.
Жаратылған имканияттан бахытқа ерисип атырған жаслардың бири-Бердимурат Халмуратов. Пайтахтымызда туўылып ѳсип, 22-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде билим алған Бердимурат Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң экономика факультетиниң экономика жѳнелисине 121,8 балл менен тѳлемли-контракт тийкарында оқыўға қабылланады.
-Елбасшысына миннетдаршылығымызды қалай жеткериўди, қандай каналға таслаўды билмей отыр едим. Қызым жақсы болды. Мың-мың мәрте Президентимизге рахмет. Усындай билимге қуштар жасларды қоллап-қуўатлап атырғанынан кеўлимиз кѳкке жетти. Ѳмирлик жолдасым Теңелбай Халмуратов пенен 5 қыз, 1 улды тәрбиялап камалға келтирдик. Қызларымыз­дың бәри жоқары мағлыўматлы. Ал, Бердимуратжаным ең генже улымның билимге қуштарлығын кѳрип контракт болса да оқытамыз, деп қуўанып отырған едик. Ул-қызларымыз, жасларымыз ушын тарийхта болмаған имканият биз аналарды қуўантып, миннетдаршылығымызды асыр­ды, -дейди кѳп аналар қатарында шадлыққа бѳленип атырған Айжамал Тоқымбетова.
Ҳақыйқатында да перзент жетискенлиги ата-ана ушын үлкен дәўлет. Ул-қыз ушын барлық имканиятты, қолайлықты жаратамыз. Мине, усындай шаңарақтағы қоллап-қуўатлаўдан, мүмкиншиликтен утымлы пайдаланған Бердимурат инглис тилинде меңгерип, В1 сертификатын алып келешек мәнзилин мектеп партасынан-ақ жаратқан жаслардың бири деп айта аламыз.
-Жаслар ушын мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 мың квота ажыратылып сол жаслардың бири екенлигимнен жүдә қуўанышлыман. Қуда қәлесе Президентимиздиң исенимин ақлаўға ҳәрекет етемен. Елимниң билимли қәнигеси боламан деп-исеним менен айта аламан, -дейди Бердимурат Халмуратов.
* * *
Ата-ана ушын ең үлкен бахыт перзент қуўанышы. Перзентиң туўралы жақсы сѳз еситиў кеўлиңди әдеўир толып-тастырады.
Және бир усындай бахытқа бѳленип атырған Марат Алдабергенов ҳәм Салтанат Аўезовалар шаңарағы болды. Халықтың мүтәжин питкерип, кѳп алғысын алған инсанлардың туңғыш қызы Асемай Кѳшекбаева 3 мың жастың бири болғанынан қуўанышлы.
— 128 балл менен тѳлемли-контрактқа илингенинеде қуўанып отыр едик. Бул жақсы хабар және қуўандырды. Қуўанғанымыздан шашыў той бердик. Ата-ана ушын буннан артық бахыт бар ма? Жаслар ушын имканият жаратып берип атырған Президентимизге биз аналар шын кеўлимизден миннетдармыз.
Усындай исенимди ақлағандай, жасларымыз билимли болсын, -дейди Салтанат Аўезова.
Бахытлы заманның бахытлы қызы Асемай Кѳшекбаева Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң филология факультетиниң студенти. Быйыл мектеп партасынан шыққан Асемай үлкен дәргайдың партасында дәслепки билимлерин үйренип баслады. Оның тил үйрениўге деген қуштарлығы оғада күшли. Ҳәмме исти ўақты менен режелес­тирген Асемай инглис тилин де үйренген.
Арзыўлары жоқары болған студент қызымызға усындай әўметлер яр болыўын тилеймиз.
Елимизде жасларды ҳәр тәреп­леме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине кѳтерилип, бир қатар Пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.
Президентимиздиң жасларға, әсиресе, қарақалпақстанлы жаслар ушын аталарша ғамқорлығының, итибарының айрықша екенлигин неше бир шаңарақлардың шадлықларынан кѳрип, жасларымыз усындай исенимге ылайықлы болады, -деп исенемиз.
Зибира
АБДИНИЯЗОВА.