Жас әўладлар, келешекке баратқан,
«Устазым» деп сыйлап, арқа сүйеген,
Қалың елге билим нурын таратқан,
Мен муғаллим деген халықты сүйемен!
Ҳәммелерден ақыллы хәм билимли,
Ең дәслеп силтеген жүрер жолыңды,
Мудамы көксиме қойып қолымды,
Мен муғаллим деген халықты сүйемен!
Әййемде данышпан Әрастуў өткен,
Аплатун ол затқа устазлық еткен.
Искендер Зулқарнайн, Амир Темурлер
Устазға бас ийип, хүрмет көрсеткен.
Билимли ел санасы бар, көзи бар,
Озық дүнья арасында өзи бар.
«Бир ҳәрип үйреткен устазға қырқ жыл
Хызмет кылың» деген халықтың сөзи бар.
Сиз—мураббий, турған булақ басында,
Ҳәр жеткиншек қанып ишсин жасында.
Жаңа заман талабына салық бил,
Бүгин жаңа әсир босағасында.
«Устазым» деп, жаслар арқа сүйеген,
Алдыңызда ақ басымды ийемен.
Келешектиң гүлшанына гүл еккен,
Мен муғаллим деген халықты сүйемен
