Усы жыл 30-апрельде өткерилген референдумда улыўма халықлық даўыс бериў арқалы Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы Конституциясы қабыл етилгенлиги Жаңа Өзбекстанды қурыўдың конституциялық тийкарларын беккемлеўге хызмет етпекте.
Халқымыздың еркин ҳәм абадан, қүдиретли Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша ерки ҳәм қәлеўин жүзеге шығарыў, ҳәр бир пуқараға өз қәбилетин раўажландырыў ушын барлық имканиятларды жаратыў, саламат, билимли ҳәм руўхый жетик әўладты тәрбиялаў, глобал өндиристиң әҳмийетли буўынына айланған күшли экономиканы қәлиплестириў, әдиллик, нызам үстинлиги, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты кепилликли тәмийинлеў мақсетинде 2023-жыл 11-сентябрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳаққында”ғы пәрманы менен Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў процесинде арттырылған тәжрийбе ҳәм жәмийетлик додалаўы нәтийжелери тийкарында ислеп шығылған «Өзбекстан – 2030» стратегиясы тастыйықланды.
Сондай-ақ, усы күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан – 2030» стратегиясын 2023-жылы сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.
Бул стратегияның тийкарғы бағдарлары:
– ҳәр бир инсанға өз қәбилетин жүзеге шығарыў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў;
– турақлы экономикалық өсим арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў;
– суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў;
– нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды дүзиў;
– «қәўипсиз ҳәм тынышлық сүйиўши мәмлекет» принципине тийкарланған сиясатты басқышпа-басқыш даўам еттириўден ибарат.
Президент қарарына тийкарланып стратегияның нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды дүзиў бағдары бойынша да 2023-жылда бир қатар илажлар әмелге асырылыўы нәзерде тутылды.
Атап айтқанда, 2024-жылдың ақырына шекем нызамда белгиленген тийкарларда оператив-излеў ҳәм тергеў ҳәрекетлерине санкция бериў мәселесин айрықша судьялар – тергеў судьялары тәрепинен көрип шығыў тәртибин енгизиў, исбилерменлик тараўында жуўапкершиликти буннан былай да либералластырыў мақсетинде 2024-жыл 1-январьдан баслап биринши мәрте жынаят ислеген шахсты, егер ол суд мәсләҳәтханасына киргенге шекем салықлар ҳәм жыйымлар, соның менен бирге пенялар ҳәм басқа финанслық санкциялар тәризинде мәмлекетке жеткерилген зыянның орнын толық қапласа, жуўапкершиликтен азат етиў, исбилерменлик субъектлерине байланыслы қозғатылған ҳәр бир жынаят иси бойынша тергеў ҳәм суд процесинде тийисли лаўазымлы шахс жынаят иси материалларын ис жүргизиўге қабыл еткен ўақыттан баслап исбилерменди қорғаўға Бизнес-омбудсман, Саўда-санаат палатасы, сондай-ақ, исбилерменлик субъекти ағза есапланған басқа шөлкемди жәмәәт қорғаўшысы сыпатында тартыў (хабардар етиў) тәртибин енгизиў нәзерде тутылмақда.
Буннан тысқары, даўаларды альтернатив шешиўде медиация институтын раўажландырыў арқалы пуқаралардың бузылған ҳуқықларын әпиўайыластырылған тәртипте қорғаў ушын медиация қолланылатуғын тараўлар шеңберин кеңейтиў, медиаторға тийисли талапларды қайта көрип шығыў, төрешилик судларының жумысы ҳәм төрешилик додалаўын халықаралық стандартларға сәйкеслендириў илажларын әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.
Әлбетте, «Өзбекстан – 2030» стратегиясының тийкарғы бағдарлары бойынша белгиленген илажларды әмелге асырыў ушын нызам ҳүжжетлерин қабыл етиў, өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў зәрүрлиги пайда болады. Сонлықтан, Президент қарары менен белгиленген илажлар қатарында бир қатар Президент пәрманы, нызамлар жойбарларын таярлаў да нәзерде тутылған.
Жуўмақлап айтқанда, «Өзбекстан – 2030» стратегиясының тийкарғы бағдарлары бойынша белгиленген илажлардың әмелге асырылыўы мәмлекетимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абадан турмыста жасаўы ушын хызмет етеди.
Спартак НИЯЗОВ,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
