ҚЫЯЛЫМНАН КЕШКЕН ОЙЛАР

Өмир ағар дәрья мысалы. Ўақыт болса ғәниймет. Бул бес күнлик дүньяда адамлар бир-бирине мийман. Нәзер салып қарасаң бул дүньяда барлық нәрсе жупты менен жаралған. Мысал ушын ақ-қара, жақсы-жаман, дос-душпан айта берсең көп. Буған да шүкир. Деген менен бундай қарама-қарсылықлар сени күшли инсан болыўың ушын тәрбиялайды. Соны айтып өтиўимиз дәркар, өмиримиздеги барлық нәрсени тәғдирдиң саўғасындай қабыл етиўимиз керек. Ўақыт өткен сайын барлық нәрсе өзгереди екен. Ҳәттеки инсанның ойына келмеген нәрселер болады. Қарап турсаң түстей көринеди. Кимдур өмир жолыңның ярымында сениң менен хошласады, кимдур ақырына дейин жаныңда қалады. Ортадағы мүнәсибетлер жақсы-жаман болыўына қарамастан қолымнан келгенше жәрдем қолымды создым. Бирақ, өмиримде усы нәрсеге гүўа болдым, ҳүрмет, меҳир-муҳаббат пенен де даўалап болмайтуғын инсанлар бар екен…
Тырнақтың кирин қыдырыўшылар бар. Олардың болғаны да жақсы. Себеби, олар бир жағынан сениң денсаўлығыңды ойлап айтады. Сен күшли болыўың ушын да ўақытша керек. Сол ушын тырнақты ўақтында алыў ҳәм кирден ўаз кеше билиў керек. Баслысы, сабырың беккем болсын. Уўайым-қайғы, муң бәри өткинши. Тек ғана инсан өмирдиң соққысына сабырлылық пенен жеңип өтиўи ушын өзин таярлаўы керек.
Сабыр-бул тамыры ашшы, жемиси душшы гүрес! Бийкарға айтылған гәп емес. Усы тийкарда бир ўақыя ядыма түсип кетти. Бир күни жолда кетип баратырған жолаўшыдан интервью алдым. Адамлар ҳаққында нени түсинбейсиз? – деген сораўды бердим. Жуўабы күтә унады.
– Адамлар ҳеш ўақытта бирин-бири түсинбеген. Ойлап қарасам мен де адамлар ҳаққында ҳеш нәрсе түсинбейди екенмен. Бир ғана мысал, биреўдиң изинен гәп етиў. Бул былайынша әпиўайыдай түйиледи. Неге қәте-кемшиликлери болса өз ийесине айтып қоймайды екен?! Сол басқа бир жат адамларға ҳеш қандай байланысы жоқ ғой. Адамлар да гәплерин еситип мәз болыўына ҳайранман. Эҳ, өмирде нелер болмайды дейсиз…
Инсанды жүдә аз, кишкене нәрсе менен де бахытлы етиў мүмкин, бирақ оны түсиниўге көп ўақтын жоғалтады.

Шахноза Оразымбетова,
ҚМУ дың журналистика қәнигелиги 4-курс студенти.