Кишкене аўыл, тәбияты сулыў, адамлары бир-бирине меҳрибан татыў. Парахат пенен Алпамыс есин танығалы берли мектепке бирге барады. Үй жумысларына да бири-бирине көмеклесип апақ-шапақ болып ойнап өскен қәдирдан дослар.
Минекей, бул дослар өмириниң жигирма төрт бәҳәрин изде қалдырып үйлениў жасына жетип, шаңарағындағылардың қәлеўи менен турмыс қурды.
Қосылған қатарлары менен тыныш татыў жасай баслады. Парахаттың келиншеги ул перзент, ал Алпамыстың келиншеги қыз перзентли болғанлығын айтып қуўанышларына қуўаныш қосты. Сонда Парахат айтты «кел екеўимиз қуда боламыз сен маған қызыңды келинликке бересең» деди. Алпамыс та бул гәпти мақуллап дослығымыз және де беккемленеди – деп разы болды. Бирақ, ақылай қуда боламыз деген ой менен екеўи де ақылдан сасып қалған еди. Бул қәте келешекте қандай келиспеўшиликлерди келтирип шығаратуғынлығын олардың ойына да кирип шықпады. Парахат улының атын Темур, Алпамыс болса қызына Гүлназ деп ат қойды. Гүлназ жүдә шырайлы, қолында өнери бар, шашлары белинен де түсип туратуғын қыз болып өсти. Гүлназға ҳәмме алакөзленип қарайды. Әсиресе, жан досты Алтынай оның сулыўлығын, ҳәммениң оған жақсы көз қараста болыўын жақтырмайды. Илажы болғанынша Гүлназды Темурға жаман көрсетиўге ҳәрекет ететуғын еди. Алтынай бул нийетин әмелге асырады. Темур менен Гүлназдың ортасындағы мүнәсибетлери астан-кестен болып, аралары бузылып кетти. Темур ашыўланып, шет елге жумыс ислеўге кетти. Сол жақта еми жоқ кеселге шатылды. Гүлназ болса аўылда көзлери төрт болып Темурды күтип жүр еди. Темур қайтып келди. Бирақ, оның кеселиниң еми жоқлығын билген Гүлназдың ата-анасы қызының бахытлы болыўын қәлеп, басқаға узатып жиберди.
Көрдиңиз бе ҳәр қандай исти ойлап, кеўилде писирмегенше тилге шығармайық. Ҳәмме нәрсени еки тәреплеме ойлайық!
Үмида МУСТАФАЕВА,
ҚМУ журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти.
