Өрт бул өз-өзинен болатуғын ҳәдийсе емес. Өртке әлбетте, өзимиздиң итибарсызлығымыз себеп болады. Айрықша жағдайлар хызмети хызметкерлери тәрепинен газ ҳәм электр кәрханалары, өзин-өзи басқарыў уйымлары ўәкиллери менен бирге ислесиў кәрхана ҳәм шөлкемлерде, мектеплер, балалар бақшалары, мектеп-интернатлар, жоқары оқыў орынлары ҳәм емлеўханаларда өртке қарсы тексериўлер, ушырасыў, сәўбетлесиў ҳәм жорықнамалар өткерилиўи, адамлар көп жыйналатуғын жерлер, дем алыў бағлары, мәҳәллелерде өрт өшириў техникаларын ҳәм өрт ақыбетлерин сәўлелендириўши ҳәрекетлерди көрсетиўи, бирлемши өрт өшириў қуралларынан туўры пайдаланыўды көрсетиў, ушырасыўлар шөлкемлестириўлерге ҳәмде радио телевидение арқалы айрықша жағдайлардыӊ ҳәм өрт қәўипсизлигиниӊ алдын алыў бойынша видео роликлерге қарамастан өртлердиң пайда болыўы жағдайларын көриўимизге болады.
Дана халқымыз бийкарға «өрт қәўипсизлиги, өмир қәўипсизлиги» – деп айтпаған. Сол орында пайда болған өртлерди мысал ретинде келтирип өтиўди тийис деп есаплаймыз.
Өртлерди өшириўден оның алдын алған жақсы. Бундай кеўилсиз ҳәдийселердиң келешекте болмаўын тәмийинлеў мақсетинде қысқы мәўсимде насаз ҳәм қолбала электр ҳәмде газ үскенелеринен пайдаланбаў, газли ҳәм ысытыў печлеринен пайдаланыў дәўиринде әмел қылыныўы керек болған бир қанша талапларды умытпаўымыз мақсетке муўапық. Қыс мәўсими даўамында ҳәр айда бир мәртебе ысытыў печлериниң морыларының сазлығын тексерип турыў тийис болады. Ысытыў печлеринен пайдаланыў даўамында қәделерге әмел қылыў өзиниң ҳәм басқаларды асырап-абайлаў демекдур.
Д.Машарипов,
Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими киши инспекторы, лейтенант.
