Айрықша жағдайлардыӊ алдын алайық

Район аймағында қурылыс ҳәм басқада имаратларда өрттиң алдын алыў илажларында үгит-нәсият жумысларын алып барыў, рейдлер шөлкемлестириў соның менен бир қатарда аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм де мәкан пуқаралар жыйынларда ушырасыўлар өткериў керек. Өртке алып келиўши затлардың алдын алыў бойынша түсиндириў жумысларын алып барыў зәрүр. Нөкис районлык Айрықша жағдайлар бөлими хыметкерлери тәрепинен район аймағында бир қанша түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумысларын алып барыўына қарамастан айрым пуқараларымыздың өртке итибарсызлық пенен қараўы нәтийжесинде кѳплеген өртлер ҳәм материаллық зыянлар келтирип шығарып атырғанының гүўасы болып атырмыз. Районымыз аймағында тазадан салынып атырған қурылыс имаратларда өрттиң алдын алыў мақсетинде қурылыс исши хызметкерлери менен биргеликте түсиндириў жумыслары алып барылып, ҳәр қандай өртке алып келиўши затлардаң пайдаланбаў хаққында қурылыс басшыларына түсиндирилип келинбекте. Бундай кеўилсиз ўақыяларды болдырмаў бир ғана өртти қадағалаў уйымы хызметкерлериниң ўазыйпасы – деп қарамастан басшы хызметкерлер де кеўил аўдарса ҳәр қандай кеўилсиз жағдайлардың алдын алған боламыз.
Р.Исаев,
Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими Оператив бөлимшеси баслығы майор.