Зәҳәрленўдеги биринши медициналық жәрдем

Кейинги ўақытларда республикамызда тәбийий ҳәм ийис газинен зәҳәрлениў менен байланыслы айрықша жағдайлар көп жүз бермекте. Тәбийий газ плитасы қараўсыз қалғанлығы, печь морысының тығылыўы, суў ысытыў шақапшасының қараўсыз қалдырылыўы, талапқа жуўап бермейтуғын ысытыў үскенелеринен пайдаланыў.
Жоқарыда айтып өтилген жағдайлардың жүз бериўи пуқаралардың қәўипсизлик қағыйдаларына итибар бермегенликлери ҳәм қағыйдаларды билмегенликлери себеп болып атыр.
Қыстың суўық күнлеринде пуқаралар үйлерин ысытыў мақсетинде печькалардан, газ ямаса ҳәр түрли ысытыўшы затлардан пайдаланады.
Ысытыўшы затлардың ишинде басқаларға қарағанда қәўипли болған бул тәбийий газ есапланады.
Тәбийий газдиң ҳәр түрли себеплер менен хана ишине жыйналыўы ақыбетинде партлаў ҳәм жаныў пайда болады ҳәм усының нәтийжесинде инсан түрли жарақатлар алыўы ямаса өмирден көз жумыўы да мүмкин.
Буннан тысқары, адамлар арасында ийис газинен зәҳәрлениў жағдайлары көп ушыраспақта. Ийис гази – үйлеримизде пайдаланып атырған тәбийий газдиң толық жанбаўы нәтийжесинде пайда болатуғын газ. Инсан организиминиң дем алыў жоллары ҳәм дем алыў органларына күшли тәсир қылады. Ийис гази дем алыў жоллары арқалы организмди, орайлық нерв системасын зәҳәрлейди. Ийис газинен зәҳәрлениў оның ҳаўадағы концентрациясына ҳәм тәсир етиў мүддетине байланыслы болады. Жеңил түрдеги зәҳәрлениўде бас қатты аўырады, бас айланады, қулақлар шыңылдайды, кеўили айныйды, қусыў ҳәм өзин жоғалтыўы мүмкин.
Орташа түрдеги зәҳәрлениўде булшық етлер ҳәлсизленеди, дем алыўы қыйынласады, пульстин урыўы тезлеседи, артерия қан басымы пәсейеди, кеўили айныйды, ақыл еси пәсейеди, уйқысы келеди. Бетке сепкил дақлар пайда болады.
Аўыр түрдеги зәҳәрлениўде адам өзин жоғалтады. Аяқлары көгерип ҳәм ағарып, бетте сепкил дақлар пайда болады. Пульстиң урыўы тезлеседи, артерия қан басымы пәсейеди, дем алыў қыйынласады ҳәм тереңлеседи, булшық етлер босасады, дем алыў тоқтайды ҳәм адам набыт болады.
Ийис газиниң ҳаўадағы өлимге алып келетуғын концентрациясы 0,08 процентти қурайды.
Алды менен биринши жәрдем көрсетиў ушын зәҳәрленген адамды тез арада таза ҳаўаға алып шығыўы керек. Күнниң ыссы ўақытлары оны далаға алып шыққан жақсы. Қысқа-қысқа дем алғанда ямаса дем алыўы тоқтап қалғанда жасалма дем бериледи.
Бул наўқас ғәрезсиз дем алыўына шекем даўам еттириледи. Денени уўқалаў, аяқларға грелка қойыў, азырақ нашатырь спиртин пайдаланыў зәҳәрлениўдиң тоқтаўына алып келеди.
Зәҳәрленгенлерди емлеўханаларға жатқарыў керек. Себеби, азырақ ўақыт өткеннен кейин өкпе ҳәм нерв системаларында кеселликлерге алып келиўи мүмкин. Емлеўханадан шыққаннан кейин наўқаслар терапевт ҳәм невропатолог бақлаўында болыўы шәрт.
Егер наўқастың жағдайы жақсы болса, денениң жоқары бетин қысып турыўшы кийимлерден босатылады, ыссы шай ҳәм кофе ишкизеледи.
Усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде, үйлерге печка орнатылып атырған ўақытта оның жақсы ҳәм саз ҳалда жалғаныўы, газ қулақлары, газ плитасы ямаса печке болған белгили аралықта жайласыўы, үй ишине печь орнатыўдан алдын оның морысы сазлығын көрип шығыў, газ қулақларына балалардың жақынласпаўы ҳәм оның менен ойнамаўлары, қала берсе инсан саламатлығына ҳәм өмир ушын зыянлы қәўипли болған барлық затлар ҳаққында балаларға бәрқулла үйретип барыў мақсетке сай болады.

А.Бекмуратов,
Нөкис районы АЖБ баслығы подполковник.