Напақаға шыққан соң қалтаңда бурынғыдай пул турмайды екен. Жумыста жүргенимде аванс, расчет деп ара-арасында пул жасырып қалатуғын күнлер ѳтип кетти. Ҳаял напақаның неше сум екенин билетуғын болған соң, бурынғыдай қалтаңа ақша тыққышлап қала алмайсаң. Не илаж ара-арасында базарға барып картошка, гешир, пияз, гүриш, бурыш, дегендей затлар алып, үстинен мың сумлап жасырып қаламан. Болмаса, ҳаялымнан ақша сорасам, тѳбе шашы тикирейип кетеди.
Бир күни институтта оқыған қоңыратлы бир достым қол телефоныма шығып еки күнлик семинарға келип едим, қалай ушырасамыз деди…
– «Нѳкис дийқан базарын» да: – дедим қалтамда кѳк тийин болмаса да.
– Ҳәзир жетемен: – деди ол тап туўысқанын кѳриўге киятырғандай қуўанып. Тѳбемнен муздай суў қуйылғандай базардағы танысларға жуўырдым.
Гешир пияз сататуғын Генжебайға отыз мың берип тур десем: – Ҳәзир саўда ѳт қақпай тур деген соң, колбаса сататуғын Қансулыўға барсам, еки үш кило қолбаса, сыр алып кет. Азаннан берли бир сум саўда ислесем буйырмасын, – деп зарланды. Мәйли деп колбаса менен сырдан алып, гүриш сататуғын Гүлманға барсам-ал жора еки-үш кило гүриш берейин, ақшасын соң бересең. Саўда болмай тур, – деди ол да.
– Мәйли үш кило ѳлше, ақша түскенде тѳлеп кетермен, – дедим. Ол да қуўана-қуўана ѳлшеп берди. Оннан шығып алма, жүзим сататуғын Жумагүлге келсем ол да алма, жүзим алып кет, соң тѳлерсең, – деп қолыма сетки толы алма услатты.
Балық сататуғын Барлықбайға бардым. – Ўай-бой достым-әй… жылан балық, сазан балық бар, еле ѳтпей атыр. Шығанақтай үшеўин ал. Аўылың менен тоясаң. Ақшасын соң берерсең-дә?! – деди. Мен келген жумысымды айтып ақша керек десем:
– Неше сум керек? – деди қолында бир қысым елиў мыңлықларды санап атырып.
– Елиў мың болса болады…
– Мәйли елиў мың ба?… Гәп жоқ, – деп қолма ақшаны алған соң, ўәделескен жерге қанат байлап уштым. Достым да келген екен. Екеўмиз апақ-шапақ болып кѳрисип кабабханаға барып шай менен еки үш кабаб алдым.
– Қала зор ғой. Бизиң аўылдағылар кабабты бундай мазалы етип писире алмайды, – деди достым маған қарап.
– Қалтаңда ақшаң болса, – деп қойдым ишимди ийт жыртқандай болып.
– Ал достым, қурдас қаЛай? Кѳп жыллардан берли кѳрмедим. Танымайтуғын да шығар? – деди күле шырай менен аўзы гешир урадай үңирейип ыржыйған ҳалда.
– Ўәй күтпегенде жаўында қалған малақайдай мыржым-тыржым достыңды қайдан таптың деп күлетуғын шығар – дедим ҳәзиллесип. Ол ишек-силеси қатып, – қәне онда сизиң үйге кеттик – деди. Үйге келип қапының қоңыраўын бастым.
– Ким?..
– Аш, мен!
– Ҳәзир – деп қапыны ашты да, түри ѳзгерип сала берди.
– Бул ким?… – деди әсте сыбырлап.
– Достым…
– Изиңе адам ертпей жүрсең ѳлесең бе? Үйде бир тилсем нан да жоқ. Қасындағының не кереги бар еди, – деди әсте сыбырлап…
– Сеткидеги затлар соның әкелгени, – деп иши затқа толы еки үш сетканы ҳаялымның қолына услатсам, ҳаял күле шырай менен жүзлерине күлки үйирилип, – ўай-бой-й сеннен достың тәўир екен деп ашыўы тарқап, жүзлерине қан жуўырып қоя берди.
Бирақ, мен ертең алған затларымның ақшасын бир пенсиямнан қашан тѳлеп болар екенмен деп ишимнен ҳайранлар болдым.
Сағындық
ЕМБЕРГЕНОВ
