НАМАЛАР ҚАНАТЫНДАҒЫ ПӘРЎАЗ

Улбийби Абдуллаева қарақалпақ көркем өнер музыка тараўында өзиниң дөретиўшилик мийнети менен халқымызға танылған республикамызға белгили талантлы композитор қызларымыздың бири. Оның дөреткен намалары халқымызға белгили көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен әлле қашан мойынланып, белгили қосықшылар тәрепинен сүйип атқарылып киятырғанынан көпшиликтиң хабары бар.
Мен Улбийби Абдуллаева менен 90-жыллардан берли таныспан. Оның менен таныслығымыз да ойламаған жерде ғайры тәбийий рәўиште басланған. Елимиз ғәрезсизликке ерискен тоқсаныншы жылларда сол дәўирдиң нәпеси менен жазылған «Ана журтым» атлы қосығыма нама жазылып, бул қосық ең дәслеп белгили қосықшы Дәлибай Мәмбетмуратов тәрепинен кәмине келтирип атқарылды ҳәм радио ҳәм телевидение арқалы эфирден жийи-жийи берилетуғын болды. Қосық кең жәмийетшилик тәрепинен үлкен қызығыўшылық пенен күтип алынды. Қарақалпақстан радио каналында сол ўақытларда радиожурналист болып ислеп атырған талантлы шайыр Минайхан Жуманазарова тәрепинен усы қосықтың тәсиринде Ана Ўатан, туўылған жеримиздиң тарийхы, бүгини туўралы сөз ететуғын «Ана журтым»атлы арнаўлы радиоеситтириў шөлкемлестирилип, оның басланыў фонына усы қосықтың намасы пахай етип алынды.
Күнлерден бир күни орта бойлы, сары сынлыдан келген бир қыз мени излеп келип; «– Мен сизиң «Ана журтым» деген қосығыңызға нама жазған Улбийби Абдуллаева деген композитор қызбан» деп өзин таныстырды.
– Келиң, сизди көргенимнен жүдә қуўанышлыман! Рахмет, жазған намаңыз маған унады, – деп мен де оған жыллы жүзлилик таныттым.
– Мен сизге тағы бир өтиниш пенен келип едим, – деди ол гәпиниң изин даўам еттирип. – Жақында ғәрезсизлик байрамына балалар ушын жазылған косық тексти керек болып атыр. Соған балаларға арналған бир қосық жазып берсеңиз деген тилек пенен келдим.
Мен бул күтилмеген усыныстан бираз ҳайран болып қалдым. Соң Улбийби менен танысқаныма қуўанышлы екенимди билдирдим ҳәм; – Бирақ, мен ҳеш қашан буйыртпа менен қосық жазбайтуғын едим-дә. Ол қалай болар екен? Ақыры, балалар ушын қосық жазыў қатты қыйын мәселе ғой, – дедим оған ойшаң түрде…
– Сизиң жазған қосықларыңыз маған унайды, бир ҳәрекет етип көриң-дә, өтиниш, – деп қыйылды ол. Мен оны қыймадым. Сөзин де сындырғым келмеди. Нәтийжеде, ойланып-толғанып «Биз бахытлы баламыз» атлы балалар ушын дәслепки қосығымды жаздым. Көп узамай Улбийби оған нама жазып, бул қосық биринши мәрте кишкене балалар тәрепинен үлкен байрам концертинде үлкен сахнада атқарылды. Әне, соннан баслап биз Улбийби менен бирге намалар қанатында пәрўаз әйлеп, дөретиўшилик жолда бирге ислесе басладық.
Сол ушырасыўдан соң Улбийби ҳәр байрам жақынласқанда маған балалар ушын қосық жазып бериң деп екиленбестен өтиниш ететуғын болды. Мен де оның сөзин жықпаўға ҳәрекет еттим. Бизиң усылайынша дөретиўшилик бирге ислесиўимиздиң нәтийжесинде ҳәр қыйлы тематикада жигирмаға жақын балалар қосықлары жаратылды. Бир күни Улбийби өзиниң авторлығында «Бахытлы балалық» атлы ишине ноталары да киргизилген нама қосықлар топламын баспадан шығарды. Китапқа белгили шайырлар Ибрайым Юсупов, Халмурат Сапаров ҳам басқа да шайырлардың да нама қосықлары киргизилген еди. Бирақ, китаптағы қосықлардың басым көпшилиги, яғный жигирмаға жақын нама қосықлары мениң қәлемиме тийисли дөретпелер болды. Атап айтқанда, сол китапқа енгизилген дөретпелеримнен; «Биз бахытлы баламыз», «Әзиз Қарақалпақстан!», «Муғаллимим-устазым», «Өпепек», «Биз Алпамыс әўлады», «Көйлегим», «Қуўыршағым», «Келди Наўрыз байрамы», «Аналардың тилеги» ҳәм басқа да қосықларым елеге шекем мектеп ҳәм бақшалардың сахналарынан түспей балаларымыз тәрепинен сүйип атқарылып келинбекте.
Улбийби тек балалар ушын ғана емес, ал үлкенлер ушын да әжайып намалар дөрететуғын көп қырлы талант ийеси. Бул сөзимиздиң дәлийли ретинде ең биринши рет оның белгили қосықшы Дәрибай Хожамбергенов тәрепинен атқарылған Ибрайым Юсупов сөзине жазылған «Гүллер аңламас», Роза Қутекеева атқаратуғын (Шәригүл Пайзуллаева сөзи) «Аналарды уран еткен халықпыз», Мәрьяш Тәжиғалиеваның атқарыўындағы (Минайхан Жуманазарова сөзи) «Сен болмасаң», Элиза Айтниязованың атқарыўындағы (Г.Нурлепесова сөзи) «Ўатан» ҳәм басқа да қосықларға жазғаң намаларын атап көрсетиўимизге болады.
Композитор қызымызға усындай әжайып намалар дөретиў таланты менен қәбилети оның марҳум әкеси, халқымыздың сүйикли композиторы Кеңесбай Абдуллаевтан өткен десек қәтелеспеген боламыз. Өйткени, музыка тараўында тәлим алған менен ҳәмме де композитор болып кете бермейди. Демек, ата жолын қуўған Улбийби Абдуллаеваның дөреткен намаларын белгили қосықшыларымыз үлкен сахналарда атқарып, халқымыздың ҳүрмет ҳәм алғысларына бөленип атырғанлығы да тегиннен емес екенлиги өз өзинен аян. Буннан көринип турғанындай композиторлық қәбилет оның қанында бар деўге толық ҳақылымыз.

Буннан онлаған жыл илгери ол мениң қәлемиме тийисли «Ана Ўатан» атлы қосығыма нама жазды. Бул қосықты сол жыллары пайтахтымыздағы Жапақ Шамуратов атындағы көркем өнер колледжи оқыўшысы Гүлнигар Сапаева шеберлик пенен атқарып, Өзбекстан бойынша өткерилген Ўатан ҳаққындағы қосықлар таңлаўында биринши орынды ийелегенинен хабарым бар. Қосық тыңлаўшының жүрегине жетип барып, усылайынша мойынланыўы ушын ең биринши нәўбетте тексттиң мазмунына, екинши орында оған жазылған наманың үйлесимлилигине ҳәм үшиншиден атқарыўшының шеберлигине итибар қаратылады. Егер де усы үшликте ҳеш қандай қәте-кемшиликке жол қойылмаса, қосықтың өмири узақ болады ҳәм тыңлаўшының жүрек төринен орын алады. «Ана Ўатан» қосығы да усы тәрепи менен журтшылықтың кеўилинен жай алған қосық сыпатында ҳәзирги күнлери де радио, телевидение арқалы тез-тезден атқарылып, тыңлаўшыларымыз тәрепинен жақсы күтип алынбақта.
Биз Улбийби Абдуллаева менен ҳәзирги күнге шекем бирге ислесип киятырмыз. Мәселен, өткен жылы Мойнақ районындағы «Ақ кеме» балалар дем алыў орайының гимни сыпатында «Ақ кеме»атлы қосығымызды дөреттик. Бул қосық ҳәр мәўсимде дем алыўға келген балаларымыз тәрепинен орайдың гимни сыпатында атқарылып келмекте.

Улбийби Абдуллаева өз кәсибиниң маманы болған пидайы инсан, талантлы композитор болыў менен бирге өз шаңарағында әдиўли ана. Өмирлик жолдасы Төребай менен бирге бир ул, еки қызды тәрбиялап камалға келтирип, бир-биринен шийрин ақлықлардың қәдирдан атасы ҳәм әжеси сыпатында өз шаңарағында да гиреўли орыны бар. Улбийби Абдуллаева ҳәзирги күнлери пайтахтымыздағы көркем өнер ҳәм мәденият институтының профессор-оқытыўшысы сыпатында дөретиўшилик жолын таңлаған жасларға өзиниң билим ҳәм тәжирийбелерин жалықпай үйретип келмекте. Ҳүкиметимиз тәрепинен оның мийнетлери ылайықлы баҳаланып, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери ҳүрметли атағы менен сыйлықланған. Ол ҳәзир де тынымсыз дөретиўшилик изленисте. Биз оның елимиздиң келешегин тәрбиялаўдай ийгиликли ислеринде табыслар тилеў менен бирге тағы да кеўилге қонымлы жаңа намалар дөретип, намалар қанатында халқымыздың жүрек төринен терең орын ала береди деген үмиттемиз!

Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА,
Шайыр ҳәм журналист, «Дослық» ордениниң ийеси, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери.