Бүгинги күнде мәмлекетимизде халықтың саламатлығын тәмийинлеў бойынша медицина тараўы хызметкерлерине бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Онда аймақларда бирлемши медициналық хызметти «бир қәдем» принципи тийкарында жолға қойып, 105 шаңарақлық шыпакерлик пункти ҳәм 31 шаңарақлық поликлиника шөлкемлестирилиўи белгиленген еди. Соның менен бирге, медициналық шөлкемлерде мәмлекет бюджети тәрепинен жеңиллетилген тайпаларға кириўши пуқараларды даўалаўға жоллама бериўдиң электрон мәлимлеме системасы арқалы оларға бийпул медициналық хызметлерди көрсетиў механизми енгизилиўи айтылған еди.
Мине, бул ислер системалы түрде әмелге асырылып, медициналық мәкемелерде пуқараларға сапалы хызмет көрсетиў жақсы жолға қойылған.
Бизиң Нөкис қалалық бирлескен емлеўханасы мысалында алып қарайтуғын болсақ, емлеўхананың хирургия бөлиминиң заманагөй үлгидеги медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўи ҳәм операцияға зәрүрлиги болған пуқараларға медициналық хызмет көрсетиў жақсы жолға қойылған.
Операция болған наўқасты операциядан соң жақсы күтим берип, олардың тез аяққа турып кетиўине жәрдем көрсетиў бизиң ең миннетли ўазыйпамыз ҳәм биз өз кәсибимизди мақтаныш етемиз.
Наўқаслар кеселликтен тез саўалып, айығып кетсе, бул бизиң мийнетимиздиң босқа кетпегени – деп билемиз. Ҳәр бир наўқасты өз туўысканымыздай көрип, жақсы гәплер менен оларға сүйеў болыўға ҳәрекет етемиз. Бул ҳәрекетимиз әлбетте өз нәтийжесин берип, тез саўалып кетеди ҳәм бизге өз рахметин айтады.
Бизиң хирургия бөлимимизде тәжирийбели шыпакерлер қолы жеңил мехрийбан мийирбийкелер баршылық. Бөлимимиз соңғы үлгидеги медициналық әспаб-үскенелер менен тәмийинленген.
Дилара ЕЛКАРАЕВА,
Нөкис қалалық медицина бирлеспеси хирургия бөлими жара таңыў ханасы мийрибийкеси.
