Ҳәр бир халықтың ѳз сѳйлер сѳзи яғный, тили болады. Сол тилге байланыслы қайсы миллеттен екенлигин билип аласаң. Енди усы тилдиң таза сап ҳалында сѳйлениўи баспада китап болып басып шығарылса бул ҳақыйқый ҳүжжет болып есапланады.
«Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сѳзлиги» биринши мәрте 1982–1992-жыллары Ѳзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалының Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институтының сѳзлик ҳәм терминология бѳлими тәрепинен мақсетли жоба тийкарында таярланып, тѳрт томлық жәрияланған еди. Сѳзликтиң биринши томы жәрияланғаннан берли 40 жылдан аслам ўақыт ѳтти. Түсиндирме сѳзликте 38933 сѳздиң мәниси түсиндирилип, сыпатлама берилген еди.
Тил жанлы организм сыяқлы бәрқулла раўажланып барады. Оның барысында сѳзлик қурамы басқа тараўларға салыстырғанда тез дәрежеде сезилерли ѳзгерислерге ушырайды. Жәмийетлик сиясий, мәдений ҳәм экономикалық турмыстағы ѳзгерислер биринши гезекте тилдиң сѳзлик қурамында ѳзиниң сәўлелениўин табады. Бундай ѳзгерислер тилдеги сѳзлик қурамының тек сан жағынан емес, ал сѳздиң мәниси жағынан раўажланыўында кѳзге тасланады. Тѳрт томлы «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сѳзлиги» пайда болғанлы берли қарақалпақ тили лексикасында жүз берген ѳзгерислер есапқа алынса, бундай сѳзликтиң жаңа толықтырылған баспасын жаратыў ўақтының әлле қашан келгенлиги ҳәм буның бүгинги күнниң нағыз талабы екенлигин дәўир кѳрсетип турыпты.
Республикамыздың ѳз ғәрезсизлигине ерисиў алдында ҳәм ғәрезсизликтиң дәслепки жыллары тил сиясатында үлкен ѳзгерислер жүзеге келди. Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилиўи, Мәмлекетлик тил ҳаққында Нызамның қабыл етилиўи қарақалпақ тил тарийхында жаңа басқышты баслап берди. Қарақалпақ тилиниң сѳзлик қурамында жүз берген ѳзгерислер тийкарында қарақалпақ тилиниң дәўир талабына жуўап бере алатуғын кѳп томлы түсиндирме сѳзлигин дүзиў ўазыйпасы ҳәм оны басып шығарыў мәселеси Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Республикалық терминология орайының 2019-жыл 7-январьдағы қарары тийкарында қолға алынды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл, 16-июльдеги 410-санлы қарары тийкарында тастыйықланған 2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепциясында кѳп томлық толықтырылған басылымын баспаға таярлаў ўазыйпасы қойылды. Усы ўазыйпаларды орынлаў ушын жәмәәтлик басламада бул сѳзликти дүзиў жумыслары басланды. Буған 10 адам қурамында илим докторлары, профессорлар, 26 адам қурамында тил сѳзлигин дүзиўшилер ҳәм 7 адамнан ибарат жуўаплы редакторлар қатнасты.
Мине, усы инсанлардың мийнети арқасында «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сѳзлиги» китабының VII томы «Қарақалпақстан» баспасынан жоқары сапада басылып шықты.
Жақында Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы китапты кең жәмийетшиликке таныстырыўға бағышланған семинар болып ѳтти. Оған профессор-оқытыўшылар, тилши илимпазлар, қәнигелер, баспа хызметкерлери, студент жаслар менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Семинарда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыў ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов, университеттиң Қарақалпақ тил билими кафедрасы профессоры, филология илимлери докторы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Ш.Абдиназимов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының Мәмлекетлик тил мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси П.Дабылов. Әжинияз атындағы Нѳкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қарақалпақ тил билими кафедрасы доценти, филология илимлери докторы А.Пирниязова, пединституттың қарақалпақ тил билими кафедрасы доценти, филология илимлери кандидаты У.Ембергеновлар шығып сѳйлеп, «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сѳзлиги» китабының VII томының таярланыў процеси, оған киргизилген сѳзлер, мәнис-мазмуны, машқалалары ҳәм ўазыйпаларына тоқтап ѳтти.
Семинарда сѳзге шыққанлар бул китаптың VII томы бойынша ѳзлериниң пикир усынысларын билдирди ҳәм қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўаплар алды.
Шүкирбай Сийпатдинов,
Журналист.
