КИТАП ТӘРБИЯ ҚУРАЛЫ

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық инсанның алға қарай раўажланыўындағы баслы күш. Ҳәр қашан да адам ѳзин-ѳзи раўажландырыўшы бийикликке ерисиўи тийис. Демек, руўхыйлық ҳәм ағартыўды китапсыз ҳеш қашан кѳз алдымызға келтирип сәўлелендире алмаймыз. Себеби, китап арқалы болып дүнья қарасымыз кеңейеди. Бурынлары ата-бабаларымыз данышпан дүньяға таралыўына китап арқалы жетик инсан болып жетилискен. «Китап билим булағы» деп бийкарға айтылмаған, демек китапсыз илим-билим ийелеў мүмкин емеслигин ҳәмме жақсы түсинемиз. Саўатсызлық яғный билимсизлик кимди болса да басқаларға бағынышлы, қараслы, яғный жалтақ қылады. Ҳақыйқатында да биз илим-билим ийелеўге ықлас қойған халықтың әўладларымыз. Ѳтмишке нәзер салып тарийхымызды айтатуғын болсақ ѳз дәўириниң оқымыслы болған ата-бабаларымыздың да ѳз китапханасы болып, дүньяның тѳрт мүйешинен китаплар алдырған, дүнья таныған илимли болған ҳәзирги жасларымызда билимге, илимге инталы жаслар кѳбеймекте. Ҳәмийше китапларымыз бизлерге жақсы жетик инсан болыўымызға ѳз орнымызды табыўмызға үлеси кѳп.
Гүлназ ҚОСЕКЕЕВА,
Нѳкис қаласы.