Тесик қаптан төгилген дән сыяқлы,
Қарекең ҳәр жерде бир қалып қойды.
Т.Мәтмуратов.
Бизлер тилши устаз Ә.Ниязов пенен биргеликте 1990-жылы Бухара ўалаятының Кенимех районына он сегиз студентти баслап, фольклорлық диалектологиялық экспедицияға баратырғанда, жол бойында туўрыдан Үш қудықтың үсти менен өтип, Зарафшан деген елатқа тоқтап, асханадан шай ишип отырып бир неше қарақалпақ жигитлерин ушыратып ҳайран қалғанбыз. Бирақ, олар өзлериниң қарақалпақ екенлигин билсе де, бул орынға қалай келип қалғанлығын, ата-бабаларын толық билмейди, улыўма зыялы емес, өз тарийхының терең түпкирлерине көз жуўырта алмағанлығына ашындық. Ал, олар өзлериниң шашыранды ҳалда тутас қарақалпақлардан ажыралып қалғаны туўралы әнгимемизди еситип, бас шайқады. Сол жылы Кенимехтен, Тамдыдан бир неше абитуриентлер келип университетимиздиң студенти болыў бахтына еристи. Солардың ишинде талантлы азаматлардан Табысқан Қанаатовтың дөретиўшилик жаңашыллықлары ҳаққында ҳәзир көпшилик тарийхшы, этнограф ҳәм әдебиятшы зыялылар жақсы биледи.
Булайынша шегинис жасап отырғанымның мәниси сол, бизиң ўатанласларымыз – қарақалпақлар дүньядағы танымалы халықлардың, миллетлердиң бири екенлиги ҳәзир сыр болмай қалды. Және бир (тийкарғы темадан шетлеў кетсем де) айтатуғыным сол жақын күнлерде К.Каримовтың «Уллы Дашт бөрилери» романынан қарақалпақ халқының тарийхы бурын бизге мәлим болған XVI әсирлер ғана емес, ал оннан да арман VI әсирлерге тийисли фактлик ўақыяларды оқыдық.
Мине, усындай терең тарийхы бар халықтың XVIII әсирдеги атақлы батыры ҳәм үлкен «хан» дәрежесиндеги бийи болған Нуртай батыр ҳаққында, оның бул миллетиниң өз алдына мәмлекетшилиги ушын тер төгип ислеген умтылыслары туўралы достым К.Алламбергеновтың «Алтын қазық» (Нөкис, «Авангард» 2023) деген тарийхый роман эссесин оқып терең ойларға шүмип, мақтаныш сезимлерим артты, усы елатта туўылып, усы халық пенен бирге жасап дөретиўшилик мийнет етип атырғаныма шүкирлик еттим.
Барлық ўақытта да жеке инсанлар, тири азаматлар мудамы өзинше еркин жасап, өз тиришилиги менен бийғәрез өмир сүргенди қәлейтуғыны заңлы қубылыс. Усы сыяқлы қарақалпақлардың тек ғана бүгин жеңиске ерисип отырған ғәрезсизлиги әййем-әййем заманнан басланған екен. Усы әрманларының орынланыў жолында қарақалпақ ели қанша журт асып, қаншама арқаланып посты дейсиз?! Бул өз алдына таўсылмас тарийхый жол десек, ал К.Алламбергеновтың «Алтын қазық» дөретпесиниң нурлы сәўлеси, Нуртай баба иске асырыўға урынған әрманның нурлы шуғласы бүгин жарқырап турғанлығына қуўаныш сезимлери ҳәзир көкиректи кернейди, йош пайда етеди.
Көркем ой пикиримиз тарийхы қарақалпақлардың ғәрезсизлиги, тыныш жасаўы ушын жан аямай кулшынған көплеген ири-ири шахсларды билемиз. Ал, XIII әсирдеги жасап, түрли-түрли ханлықларға қарсы бас көтериўге гүреске шақырған, қостамғалы Нуртай Хожагелди улының жарқын образын усы ўақытқа шекем көркем әдебияттан оқып билмегенбиз. Усы жарқын образ келбетин тарийхый ҳәм көркем ойымыздағы Маман бий, Айдос бий, Ерназар бий образларына тәкаббил етип жаратып бере алған, марҳум К.Алламбергеновтың руўхы шад болсын, – деп оған мүмкиншиликлер жаратқан достымыздың шаңарақ ағзаларына тәжим етпестен басқа илаж жоқ. Әттен, әттен, Кеңесбайдың көзи тири болғанда, ол қаншелли қуўанар еди, қаншелли…!
Жанрлық-стильлик көз-қараслардан жүдә қоспалы бул жаңашыл шығармада XVIII әсирде жасап өткен Нуртай батыр тийкарынан алғанда қарақалпақлардың Жаңадәрья елатынан емес екен. Ал, ол негизинен түркстанлы қарақалпақлардан болып қандай да себеплер менен Жаңадәрьяға келген ҳәм сол аймақтағы халық арасында бас көтерер бийлердиң ең атақлысы, дәўжүрек батыры ҳәм ақылы мол бийи болғанлығы романда толық дәлиллеп жазылған, көркемлик поэтикалық тәрепинен безелгенлиги қуўандырады.
Ең дәслеп соны айтыў керек, Нуртай батырдың атлары усы ўақытқа шекем бир неше тарийхшылардың мийнетлеринде анық айтылған, ал Бердақ шайырдың «Шежире»синде толық түрде қысқа болса да образ ретинде жаратылғанын бүгинги жас өспиримлер, орта жастағы оқыўшыларымыз да елестире бермесе керек. Соның ушында бул тарийхый романында К.Алламбергенов Бердақтың өлмес алтын сөзлеринен мынадай қатарларды эпиграфлардың бири етип келтириўи орынлы:
Жангелди бабаң жаўлатпай,
Аннан туўған Нуртай, Қонтай.
Ким болды Арзы аталықтай,
Рахметуллаҳ болған екен.
(Сол романда, 4-бет).
Мине, бул қатарлар романда бир неше мәрте келтирилиўи де тосыннан емес. Олар Нуртай бабаның уллы тулғасын тастыйықлаў ушын шығарманың тийкарғы идеалына сәйкес келеди, оның лейтмотивин белгилейди десек қәте емес шығар.
Соның менен қатар романның прологиндеги М.Тилеўмуратовтың мынадай сөзлерин көпшилик оқыўшы журтшылық онша биле бермейди. Қараңыз:
«Нуртай батыр XVIII әсирдиң екинши ярымында 1783-жылы қарақалпақлардың мәмлекетшилигин тиклеў ушын гүрескен халық басшысы ҳәм халық азатлық гүреслери қаҳарманы.
Әлбетте, қарақалпақлардың 20 мың адам менен қорғаныўы үлкен тарийхый ҳәм сиясий әхмийетке ийе ўақыя. XIX әсирдеги Хийўа ханлығына қарсы Ерназар алакөз баслаған халық көтерилиси тек 700 хожалықты бириктирип, камал қылған еди. Оның менен салыстырғанда бунда жүдә көп адам қатнасқан болып шығады ҳәм (Ерназар алакөз көтерилиси менен) Нуртай басшылығында салынған Жаңадәрья бойындағы қалалардың әскерий әҳмийетке ийе болғанлығын да дәлиллеп турады».
Усындай тарийх илиминдеги нақма-нақ фактлерден басланып К.Алламбергеновтың тарийхый драмалық эссе романдағы XIII әсирдеги бай реңли тәбият көринислери, пейзаждың нурлы келбетиниң жанландырылып, мынадай формаға түсирилгенин көзден таса қалдырғымыз келмейди:
«Аралдың күншығыс жағалаўлары. Сырдәрьяның төменги қуярлығынан Түркстан қаласына дейин көлденең созылып жатырған сарғылт-бузғылт түсли отлақлы орынлары көк-көмбек майса шөпли кең алаңлықтың арқа шығыс тәрепиндеги көз жетпес жерден түйениң өркешиндей болып көринетуғын таў шоққылары елес-елес булдырап көзге тасланады. Таў алдындағы усы ойпатлық кең алаң қарақалпақларға сырттан кирип келер дәрўаза секилли қоңсы халықлар оны «Аланесик» деп атап кеткен». (Сол роман, 5-бет).
Мине, бул көринистиң романға баслама етип алыўдың өзи жазыўшы илимпаз достымыз К.Алламбергеновтың әжайып интуициясы менен көркем-эстетикалық талапшанлығын, шығарманың драмаға саҳнаға да қолайлы етип жазылғанынан дәрек берсе, ал жыраўлардың: «Алаңда алаң бар, алаңда жаўы алаңлар» деген қатарларын келтириўи шығарманың тарийхый дөретпе екенин архив материалларынан келтирмей-ақ дәлиллеп турғандай.
Енди романның улыўма ишки композициясы менен аты темасы ҳаққында айтсақ, «Алтын қазық» – бул бизиңше қарақалпақлардың әййемнен киятырған бир орынға қазық қағып, өз аймағына (территориясына) ийе миллий-халықлық ғәрезсиз ел болып жасаў нийети, мақсети деген түсиникти аңлататуғын символикалық тема жүдә дурыс таңлап қойылған. Бабаларымыздың бири Нуртай өзиниң өмирин усы «алтын қазық» қағыў нийетине жумсады, үлкен қаҳарманлықлар көрсетти, ақыл парасатлы түрдеги ҳәрекети менен халыққа хызмет етти. Усы нийетлер менен К.Алламбергенов романның композициясын жүдә өзине тартымлы етип, тек ғана тарийхый фактлерди дизе берместен терең образлы пикирлер жаратқан.
Атап айтқанда романның қурылысы: пролог пенен эпилогти есапламағанда үлкенли кишили жети бап: «Тойдан кейинги толғаныслар», «Алтын қазық ямаса таңдағы түс», сондағы «Ақ боз ат» деген бөлим, «Уллы тарийхтың түп сағасы» атлы бап: «Аманат бала тәғдири ямаса Жангелди батырдың туўылыў тәрийпи» деген бөлим, «Ақлай қуда түсиў» атлы бап, «Нуртай батырдың дәслепки сәркардалық саўаш машқылары» атлы бап: биринши саўаш бөлими, «Нуртай батыр ҳаққында дәреклер» деген баплардан ибарат болып, олардың ҳәммеси әпиўайы оқыўшыларды қызықтыратуғын сюжетлик желис детальларынан ҳәм илим ушын да өзине тартымлы фактлерден ибарат.
Бирақ бизиңше сын айтарымыз сол сонғы бап өз темасы, аты менен де алдынғы бап ҳәм бөлимлерди қайталап турғандай. Буннан басқа да ой-пикир фактлери менен айырым эсселик пикирлер бир қанша қайталап берилгени кеўилге қонымсызлаў сезиледи. Соларға қосымша публицистикалық роман-эсседе Нуртай бабаға тийисли айтылған орынларда автор өз қызығыўшылығын артығырақ санап, оның «қостамғалы» тийресинен екенлигин қайта-қайта жаза бериў қолайсызлаў. Ҳақыйқатында Нуртай батыр тек ғана бир урыўдың емес, пүткил елди бир алтын қазық әтирапында топлаўға жан-тәни менен гүрескен азамат екенлиги мақтанышлы.
Роман-эссе де публицистикалық формада болса да қарақалпақлар тарийхына тийисли жаңаша мағлыўматлар менен жаңаша пикирлер көплеп келтиреди. Солардан алып қарайық: «Қарақалпақлар XVI әсирдиң екинши ярымынан баслап қазақлардың киши Жүз ханларына сиясий жақтан ғәрезли болған. Оларға салық төлеп турған, сонда да қарақалпақлар өзлериниң мәмлекетине ханлығына ийе болған. Мәселен, тарийхый дәреклер бойынша қазақлардың Тәўке ханның 1694-жылы балаларының биреўи Тобарчук Султан деген ханы болған, сонда 18 жыл (1680-1698ж.) хан кеңесин басқарған қарақалпақ майлы балта урыўынан Сапар Мөмин дегенниң баласы Сасық бий (1598-…) деген мәмлекет басшысы болған. Ол 1680-1684-жыллары бес арыс Туран халқын (қарақалпақ, қазақ, қырғыз, түркмен, өзбек» басқарыўда ислам динин тийкар етип алған. – «Жети жарғы» жазысып, олардың бас редакторы болып, 1684-жылы хан кеңесинде бекиттирип, Туран елине усынған адам» – деген жазыўшы Ж.Муратбаевтың пикирин К.Алламбергенов (Алтын қазық, 51-бет) мақуллаў ретинде келтирген.
Сөйтип К.Алламбергенов бул пикирлерди Нуртай батырдың түп бабасы Ҳайдар батыр менен байланыстырып, Бердақтың мынадай қатарларын келтириў мақтанышлы ҳәм бул сөз етилип отырған халық қаҳарманының тулғасын тағы бир мәртебе айқынластырып береди:
Қолына басқан қолдаўлы,
Санына басқан ашамайлы.
Жуптан басқан қостамғалы,
Тамғасы қос болған екен.
Бийәдилден ашамайлы,
Ҳайдар улы қостамғалы.
Қәндекли билән қолдаўлы,
Еншисин бир алған екен.
Улыўма алғанда публицистикалық драмалық роман эсседе Бердақтың уллы тарийхый шығармасы болған «Шежире»ни басқа да илимий жазба әдебият дәреклери менен салыстырып бериўлери жүдә сәтли шыққан. Автордың қостамғалыны қарақалпақлардың атақлы руўы қолдаўлылар менен де жақынластырыўы айырым жеке қызығыўшылық пайда етип, субъективизмге жақын болса да қызықлы, ол, бәлким, Нуртай батырды Ерназар қолдаўлының мәртлиги менен генетикалық түрде жақынластырғандай болады.
Шығармадағы «Батырлардың екинши айқасы», «Ақ тулпар ушын айқас» сыяқлы бөлимлери нағыз көркем шығарма сыпатында көпшиликтиң қызығыўшылығын оятатуғын тарийхый ҳәм нағыз турмыслық сюжет детальларына бай болып сүўретленгени автордың дөретиўшилик қыялының ушқырлығын, олардың өмиршеңлигин, реалистлик сыпатларын дәлиллей алады. Жазыўшы илимпаз дөретпеде «Ақ тулпар ушын айқас» деген бөлимди қазақ жазыўшысы Зейнулла Шукировтың «Сыр бойы» романынан қарақалпақшалап алғанлығы (65 беттен) да усы романға сәйкес түрде ҳәм оның тарийхыйлығын дәлиллеў ушын қолланылған усыл формасы әҳмийетли десек арзыйды.
Шығармадағы: «Нуртайдың қасындағы он жигит ағайинлери еди. – Қолдаўлының жигирма жигитин Айдос қосты» (77-бет) деген қатарлар Нуртай батыр ҳәрекетлерин қолдаўлылардың қаҳарманлықлары, улыўма халық көтерилисиниң прогрессив әҳмийетин сүўретлеўде, тарийхыйлық реаллықты сақлаўда баҳалы. Сондай-ақ, «Қазақ ишинде Сыр бойында бурын қыслаў басқан жақайым Сартай бий екен. Нуртай оны Айдос бийден еситти» (76-бет) деген пикирлер фактлерде бизиңше шығарманың тарийхый шынлыққа тийкарланғанын аңлатса керек. Әлим руўының жақайым тийресинен, тийкары Қызыл Орда таманнан Тахтакөпир аймағы арқалы көшип қонған ел ўәкиллериниң бири болып, мениң дайыларым нағыз «жақайым»лар.
Улыўма алғанда К.Алламбергеновтың «Алтын қазық» романы бүгинги әўлад ушын зәрүрли тарийхый ҳәм көркемлик поэтикалық дөретпе сыпатында үлкен қызығыўшылық оятады.
Жанызақ Есенов,
Филология илимлериниң кандидаты, доцент.
