Бүгинги күнде миллий ҳәм халықаралық ҳуқықта көп қолланылып атырған атамалардың бири КОРРУПЦИЯ болып, бул иллетке қарсы жәҳәнде кең көлемде гүрес алып барылмақта. Мәмлекетимизде коррупция иллетине қарсы гүресиўге мәмлекетлик әҳмийетке ийе мәселе сыпатында айрықша итибар қаратып келинбекте.
КОРРУПЦИЯ – бул жәмийетти түрли жоллар менен қысқыға алыўшы қорқынышлы иллет, ол демократия ҳәм нызам үстинлиги тийкарларын ыдыратып жибереди, инсан ҳуқықлары бузылыўына алып келеди, базарлар искерлигине тосқынлық етеди, инсан өмириниң сапасы жаманласыўына ҳәм адамлар қәўипсизлигине қәўип салатуғын шөлкемлескен жынаятшылық, терроризм ҳәм басқа ҳәдийселердиң пайда болып, раўажланыўы ушын шараят жаратып беретуғын нызамсыз ҳәрекетлер болып есапланады.
Елимизде коррупцияға қарсы гүресиўди және де жеделлестириў мақсетинде 2017-жыл 3-январь күни Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилди.
Усы Нызам талапларына муўапық, коррупцияға қарсы гүресиў искерлигин және де жеделлестириў мақсетинде бир қатар мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер әмелге асырыўшы уйым сыпатында айрықша ўазыйпалар белгилеп берилди.
Нызамға көре:
1. Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги.
2. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы
3. Өзбекстан Республикасы Мәмлекет қәўипсизлик хызмети
4. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги
5. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги
6. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша искерликти нызамшылыққа тийкар басқа мәмлекетлик уйымлар да әмелге асырады.
Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүрес системасында әҳмийетли болған Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы Пәрманына тийкар 2020-жыл 29-июнь агентлик күни дүзилди. Агентлик коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўында мәмлекет сиясатын жүритиў ҳәм әмелге асырыўда арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланады.
Жәмийетимизде Коррупцияға қарсы гүресиўдиң тийкарғы 7 принципи көрсетилген:
1. Нызамлылық
2. Пуқаралар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлиги;
3. Ашық айдынлық;
4. Системалылық;
5. Мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетиниң бирге ислесиўи;
6. Коррупцияның алдын алыўға байланыслы ис-илажлар үстинлиги;
7. Жуўапкершиликтиң анықлығы.
Өзбекстан Республикасы Бирлескен миллетлер Шөлкеминиң 2003-жыл 31-октябрь күни қабыл етилген Коррупцияға қарсы Конвенциясына Өзбекстан Республикасының 158-санлы Нызамына тийкар 2008-жыл 7-июль күни қосылды ҳәм Өзбекстан Республикасы ушын 2008-жыл 28-август күни күшке кирди.
И.Алеуатдинов,
Кегейли районы, юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юристконсульт.
