ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИ–АДАМ АТАЛЫҚ

Көп халықтан айырмам жоқ түримнен,
Кимлигимиз тилимизден билинген,
Қаны суўдан таза қарақалпақпан,
Мени айырмаңлар ана тилимнен.

Усы тилде даўды шешкен бабалар,
Бесик шайқап ҳәййиў айтқан «кабалар»,
Жойтар болсам Бердақ шайыр шырқырап,
Ибрайым халықты қайдан табалар?!!!!.

Ана тилде дәстанларым дөреген,
Ерназар, Аллаярым батыр, көреген,
Ана халқым, ана тилим саў болса,
Сөздиң теңизинен маржан теремен.

Мениң халқым халық емес жатаған,
Шоқан «Сахра бүлбили» деп атаған,
Қайдан шықты фольклоры жүз томлық?!,
Дәстанларды қойдай дизип мақтаған.

Көкирегимде шер боп жатқан қыраў бар,
Дәрт көпшисе түрли-түрли жылаў бар,
Жолын үлги тутқан Қорқыт бабаның,
Тек те жалғыз қарақалпақта жыраў бар…

Сайрайын бүлбилдей ана тилимде,
Усы тилде үлес қостым илимге,
Қарақалпақ тили-адам аталық,
Хызмет етип келер өли, тиримде.

Ким айтады жойтады деп тилимди?!,
Сонша алым, даналар бар илимли.
Жойтылмасын қарақалпақша сыйласық,
Табалмай қаларман аға-инимди.

Ана тилсиз жойтылады миллетим,
Нағыш, сазым, тилим баслы келбетим,
Көкирегимде соғып турса жүрегим,
Тилди мәңги қорғаў баслы миннетим.

Бар халықпыз бизлер Адам атадан,
Тар жол тайғақ кештик, талай қатаған,
Жийреншеден қалған тилим болмаса,
Қалайынша ушардан сөз атаман?!!.

Жатласып кетпейме «Еллерим барды»,
Әўладлар тыңлай ма «Муса сен ярды»,
Қызлар ярын жойтып «Адыңнан» айтса,
Тилиң суўырмай ма тәннен жаныңды.

Тилге тил тийгизбең тилим кийели,
Нағыз түрки тилдиң текли сүйеги
Ана тилим геўдемдеги барлығым,
Кимде болса ана тилин сүйеди.

Мәңги жаса, Ана тилим-ураным,
Пайдаланып билсем семсер қуралым.
Сыңғырлап турар болсаң аламойнақтай,
Дүнья турғаншелли мениң турарым.

Ана тилим тәндеги намысым арым,
Алтын ғәзийнем ол, көксимде барым,
Аралдан айырылып қалғаным аз ба?!
Қозғамаң муң толған кеўлимниң тарын.

Мен мәңгүр емеспен, еле есим бар,
Өзиме тән ҳәрип ҳәм де сесим бар,
Сөз қыйсынын тапсам тилим арқалы,
Ел халқымнан алар талай «бесим» бар.
Гүлистан Дәўлетова