Алп СУЛТАН
Қарақалпақстан халық жазыўшысы.
(«Бесинши аўыл әңгимелери» дүркиминен)
– Қәбирстаны жоқ аўылды көргениңиз бар ма? – деп сораў беремен мен ХХI әсирде жасап атырған заманласларыма.
– Жоқ. Көрмедик. Ондай аўыл болмайды, – деп ҳеш бир егленбестен жуўап береди олар маған.
Дурыс. Өмир бар жерде – өлим бар. Демек, ҳәр бир аўылдың марҳумлар жерленетуғын қойымшылығы-қәбирстаны болатуғыны сөзсиз. Бул шынлыққа сәйкес келетуғын пикир.
Лекин қәбирстаны жоқ аўыл да бар екен! Бул, халқы өлимди писент етпейтуғын, турғынлары келешекке уллы исеним менен қарайтуғын мәртлер мәканы-Мойнақтағы бесинши аўыл. Бәлким, бундай аўыл жер жүзинде биреў шығар? Мүмкин.
Бир гезлери бул аўыл Арал теңизине қуйып турған өзекти жағалап жайласқаны ушын Тикөзек елаты, Арал аўылы, деп аталған.
Бул аўылдың турғынлары шетинен оптимист адамлар. Олардың бабалары теңиз туўлап, таўдай толқынлары жағаға жайласқан үйлердиң қазан-табақларын ығызып кеткен пайытларда да, бул мәканды таслап, көшип кетпеген. Енди-бүгинги күни, Арал қурып, суўсызлықтан жәбир көрип атырса да, олар жасаў ушын өзлерине имкән жаратып, мәртлик көрсетип, өмир сүрип атыр. Өйткени олар қойны нефть пенен газге толы туўған диярының жарқын келешегине исенеди.
Деген менен, туўылыў ҳәм өлиў-тәбияттың нызамы. Егер деми-күни питип, яки тосаттан бул аўылдан бир инсан шетнесе, олар марҳумды бул елаттан онсегиз километр узақлықтағы-Мойнақтың арқа тәрепиндеги пүткил ислам әлемине белгили-Тоқмақ ата қәбирстанына жерлейди. Ол теберик қойымшылықта тек Мойнаққа емес, исми пүткил Қарақалпақстанға белгили зиялы инсанлар, бул аймақта данқ көтерип, атын мәнгилик етип кеткен марҳумлар жатыр. Бул ҳаққында мен бир қосығымда:
Бендениң әжелге жоқдур шарасы,
Жасаў деген қас қағым ўақ арасы,
Өмир ҳәм өлимниң сен шегарасы,
Тоқмақ ата, Тоқмақ ата, Тоқмақ ата!
Ата-анам, туўысқаным жатқан жер,
Күн-түни қараңғы, қуяш батқан жер,
Көзлерден жас, булақ киби атқан жер,
Тоқмақ ата, Тоқмақ ата, Тоқмақ ата!
Алла Таала ағла күш берип маған,
Сениң ҳүрметиңе таярлап тағам,
Марҳумларды еслеп, келдим мен саған,
Тоқмақ ата, Тоқмақ ата, Тоқмақ ата!
Реҳим әйлеп, перзентиңди қоллай көр,
Узақ өмир, мол несийбе жоллай көр,
Ендиликте қәбиристан болмай көр,
Тоқмақ ата, Тоқмақ ата, Тоқмақ ата! – деп элегия жазған едим.
…Даңқы дуйым-журтқа тараған Тикөзек-зиялылар мәканы. Әжинияз, Аяпберген шайырлардың табаны тийген бул елаттың тек ер азаматлары ғана емес, анажанларымыз да сөзге оғада шешен болып келеди. Олар нақыл-мақал айтпай, сөйлемес сирә! Перзентлерине деген меҳир-муҳаббатын олардың ҳәрбир гәпинен аңласа болады.
Еле ядымызда, бирқанша ул-қызларды өсирип, камалға келтирген Айым шешем айрықша мақтаныш пенен:
Орақбайым-әйнегим,
Жолдасбайым-шәйнегим,
Қырыкбайым-кесем,
Келисип тур мүшем! – деп ыңылдап отыратуғын еди.
О дүньяға әлле қашан атланып кеткен, топырағы торқа болғыр Айым шешемниң жоқарыда аты аталған уллары елге белгили азаматлар болды, орыс тили бойынша қәниге Орақбайы – мектеп директоры, Жолдасбайы – районлық “Арал балықшысы” газетасының редакторы хызметин мүлтиксиз атқарды, ең генжетайы – Қырықбай Жөкешов болса, аталас ағасы Әлмурат Бекполатов пенен пүткил өмирин халықты электр менен тәмийнлеў исине арнап, усы жылы бул әлем менен хошласып кетти.
– Бизиң аўылдың балалары шетинен спортшы, себеби Қылышбай Жуманиязов мектеп директоры болған ўақытта физкультура менен спортқа айрықша дыққат аўдарылып, жасларды аты Қарақалпақстанда белгили волейболшы, бирнеше мәртебе республика чемпионы Қырықбай Мәткешов жарысларға таярлаған, – дейди Тикөзек аўылының турғынлары мақтаныш пенен.
Шынында да, аўыл балалары ҳәзирги заман талапларына масластырып салынған, әжжедей аппақ мектепте оқып, билим алады. Бул мектепти питкергенлердиң көпшилигин ҳәзир пүткил республика таныйды. Олар белгили илимпаз, мәмлекетлик ғайраткер, шайыр-жазыўшы, ел басқарыўшылары болып жетилискен.
Аўылда узақ жыллар ел ағасы болған Табынбай Үббиниязовты, тарийхшы илимпазлар Жумабай ҳәм Жуманазар Үббиниязовларды, усы елаттан шыққан илим ғайраткери, философия илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстан Илимлер Академиясының академиги Жуманазар Базарбаев, профессор, тилши алым Дощанбай Насыровты, ҳуқық қорғаў органларында узақ жыллар даўамында хызмет еткен юрист, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры болған Марқабай Елмуратовты, белгили дилмаш, баспасөз пидайылары Ҳамидулла Жумашев, Бегдулла Сметуллаевларды, атақлы хирург врач Жалғасбай Пиримбетовты ҳәмме биледи. Бүгинги әўлад кәсиптиң әлўан түрли сырларын меңгерип, илим-билимди жалықпай үйренип, солардың ылайықлы мийрасқорлары болыўға ат салысып атыр.
…Мине, шығыстан қызарып таң атты. Куяштың алтын нурлары Арал бойындағы Тикөзек аўылын уйқыдан оятты.
Ҳәр бир хожалықта күнделикли турмыс ғалма-ғалы басланды. Сүт шелегин қолына алған келиншеклер саранаў сыйырлардың ҳәўкесин қасып, оларды саўыўға кирисип кетти.
Қой-ешкилер өриске жөнеп баратыр. Есап-сансыз қозы-ылақлар шапқыласып, жуўырысып жүр.
– Малыңды айда-а-а-а! – деген даўыс еситилмекте. Бул аўыл падашысының күнделикли қыйқыўы.
Үйлерден падаға қосыў ушын маллар айдалып шығылмақта.
Есиктен шыққан жалаң пут бала, уйкысын аша алмай, қолы менен көзин уўқалап тур.
Падашы менен қол усласып, кетип баратырған әжапасын көрип ол сөйленип атыр:
– Әжапа-а-а, қаяққа баратырсаң?
Әжапасы оған: сестиңди шығарма, уят болады, деп ымлап атыр.
Маллар Аралдың ултанына қарай жайылып баратыр. Падашы ески «Тикөзек» бойына жайласқан бул аўылдың өтмишин еске түсирди:
– Бир гезлери бул жерлер ушан теңиздиң асты еди. Аўыл адамлары колхозға ағза болып, балық аўлайтуғын еди, кимиси мал бақты, колхоздың дийқаншылық ететуғын, баў-бақша жетистиретуғын көк егис жери де болды. Билесиз бе, бул ҳаққында ўақтында шайыр Аяпберген Муўсаев:
Бул районның еки жақтан қолы бар,
Шарўаға мал, балықшыға көли бар, – деп жазып кеткен, деди ол мени сырттан келген бир мийманға мегзетип.
– Билемен, бул топыраққа мениң де киндик қаным тамған, – дедим мен.
Ол мени танымағанлықтан, гәпиме толық исениңкиремей, гүмансырап, бетиме бежирейип қарады. Мен енди илим-билим қуўып, кәсибиме бола пайтахтта орналасып қалып, туўылған жерден алыслап кеткениме қысынып-қымырыла басладым…
Арал бойындағы аўылдың бүгини оғада әжайып еди. Аўыл тусындағы асфальт жол менен Мойнаққа қарай бағыт алған газшилердиң машиналарының дизбеги зымырап баратыр. Алыс-алыслардағы Арал ултанында бой тиклеген нефть ҳәм газ вышкалары елес-елес көзге тасланады. Оларда Тикөзек аўылының жаслары да мәртлик пенен хызмет етип атыр.
Мектептиң ашық терезелеринен сабақ өтип атырған оқытыўшының ҳаўазы еситилди. Онда оқып билим алып атырған жас әўләд ўәкиллери қәнигели устазларынан инглис тилин үйренип атыр.
Қулағым еситип, көзим көрген көринислерге таңланып, аңырайып қалған мени тосаттан берилген сораў селк еттирди:
– Тойға келдиңиз бе? – деп сорады кишкене бир бала.
– Аўа, – дедим мен.
– Онда жүриң, турмысқа шығып атырған мениң әжапам болады! – деди ақ көкирек, сөйлемшек сада бала.
Мен оның кейнине ердим.
…Тикөзек аўылында той. Бул тойға мен узатылып атырған қыздың кемпир апасы тәрепинен, бир гезлери үйлеримиз қоңсы болғанлықтан мирәт етилгенмен. Қуўыршақтай суп-сулыў бул қызға мен сол гезлери, ойын пайытында:
Денеси-ақ сары,
Шашлары-сап-сары,
Қолымда не зат бар,
Табалсаң-тап, Сары! – дейтуғын едим ашыўын келтирип.
Мине енди ол кейўаны ҳаял болып қалған, бир гезлери тарақ өтпейтуғын қойыў қара шашларым түсип, еңбегим жалтырап қалған мени сорастырмай таныр ма екен? Таный қоймас. Өкинишлерим тыным таптырмай, ол ҳаққында гүрриң-новеллаларымда талай-талай сөз еткенмен, жақында «Қоңсының қызы» деген қосығымды да соған арнадым:
Өтти балалығым, зымырап, желдей,
Қәпелимде жаўған – гүздеги селдей,
Излеген бахытым – қоңсыда екен,
Кетиппен қалаға-тәғдирге көнбей.
Ышқы муҳаббаттан ерийди музлар,
Жүзлери алмадай-боянған қызлар,
Сизлердиң қәўпеки көркиңди көрип,
Алданғанман талай-жүрегим сызлар.
О, жаслық мәўритлер, туңғыш муҳаббат,
Қәлбимди жаралар-таптырмас таҳат,
Есап-сансыз сулыўларды сүйсем де,
Жүрегим төринде қалды-аў сол бир ат!
Өрилген қос бурым-арқаға таслар,
Қарлығашқа мегзес-керилген қаслар,
Жарасықлы келбет-сап-сары шашлар,
Енди сағындырып-көзимди жаслар.
Айтты ол: – Жигиттиң ери екенсең,
Бесинши аўылдың шери екенсең!..
– Бәри дурыс… дедим: – Қоңсының қызы,
Билсем: сен ҳақыйқат пери екенсең!
…Жаслар некеден өтип, бахыт тойын тойлап атыр. Қарақалпақша той мересимлери таўсылар емес. Арқан тартыспақ. Палўанлардың беллесиўлери. Той дастурханында отырған нураный ақсакаллардың қуўанышларын айтсеш!
Мени көрип олар қурдың өртасына мирәт етти. Енди мен қутлықлаў сөз сөйлеўим керек еди. Келин-күйеўди қутлықлап, жақсы тилек тилеген болдым. Кейин өзимниң де усы аўылда туўылып-өскенимди жыйналғанларға мәлим етип, бул елаттың турғынларына деген мүнәсибетимди қосық пенен жеткериўге тырыстым. Бул «Бесинши аўылдың қыз-жаўанлары» деген қосық еди:
Тумаристей, Гүлайымдай ғайратлы,
Қумар ана киби қайтпас, айбатлы,
Шаңарақтың сәни-гөззал, саўлатлы,
Бесинши аўылдың қыз-жаўанлары.
Салланысып өтер ақ қуў, ғаз яңлы,
Муҳаббат ышқында жанарсаң ғамлы,
Ақшам көз илдирмей атқартар таңды,
Бесинши аўылдың қыз-жаўанлары.
Соншама сулыўлық шаппаттай жүзге,
Гөззаллық Қудайы, Суўперисиз бе?
Көзлерим талғанша тигилдим Сизге,
Бесинши аўылдың қыз-жаўанлары.
Дәстанлардағыдай гөззал болғансыз,
Онтөрттен туўылған ай боп толғансыз,
Жигитлер қәлбине орнап қалғансыз,
Бесинши аўылдың қыз-жаўанлары.
Сәўирде Аралдан самал еседи,
Сезим қурғыр жүрегиңди теседи,
Зийўар шайыр ашық болған деседи,
Бесинши аўылдың қыз-жаўанлары.
Сөйлегенде шийрин-шекердур сөзи,
Қарағанда гәўҳар-күледи көзи,
«Бозатаўлы нәзәлим»ниң дәл өзи,
Бесинши аўылдың қыз-жаўанлары.
Сулыўлықта Сизден ҳүрлер өтпеген,
Небир ашықлардың қолы жетпеген,
Алп Султанға да несип етпеген,
Бесинши аўылдың қыз-жаўанлары.
Тәғдир дә, сизлерден алыслап кетип,
Шаңарак курғанбыз,
Нөкиске жетип,
Сонда да қойдыңыз мың бийҳуш етип,
Бесинши аўылдың қыз-жаўанлары.
Сизлерге ылайық теңеў таппадым,
Алжастым, «қораға ҳәргиз шаппадым»,
Нағыз урпақлары пийрим Патманың,
Бесинши аўылдың қыз-жаўанлары.
…Мине келин-күйеў әткөншекте ушпақта. Олар таң сәҳәрде падашы жигит ҳәм малын падаға қосыў ушын үйинен шығып, жигит пенен қол усласып кеткен, мен «ақ сары, сап сары» деп ермеклейтуғын қоңсы кыздың ақлығы еди.
Бизлер ол қыздың иниси ақ көкирек, сада бала менен енди олардың әткөншекте ушып атырғанына ҳәўес пенен қарап турдық…
Мойнақ, Тикөзек аўылы.
