ХИМИЯ ҚАШАН ПАЙДА БОЛҒАН?

Әййемги адамзаттың бири тәбиятта жоқ нәрселерди пайда етип баслаған яғный, от пенен ҳайўан терисин ийлеў менен тәжирийбелерин практикалық химияның басламасы деп атаўға болады. Соң ашытыў, еритиў процесслерин үйренип, бояўларды ҳәм дәри-дармақларды таярлаўды үйренген. Химия илими Европалыларға араблардың Испанияны басып алғаннан кейин кирип келген. Олар бул илимди “алхимия” деп атай баслайды. Бус сөз араб тилинде “суйықлық” деген сөзден алынған.
Химия пәни де басқа пәнлер қатарында адамлардың әмелий хызмети нәтийжесинде жүзеге келген. Соңын ала химиялық билимлердиң асып барыўы нәтийжесинде адамзат турмысында үлкен бурылыслар жүз бере баслаған. Химияның теориялық мәселелери менен әййемги грек алымлары эрамызға шекемги V-VI әсирлерде шуғылланған. Олар тийкарынан төрт “Элемент”–суў, ҳаўа, топырақ ҳәм оттан ибарат деп түсиндирген.
Химияның тийкарғы нызамлықларын ашыў дәўири 1789-1860-жылларды өз ишине алады. Дальтон, Авагадро ҳәм Берцелиустың изертлеў жумыслары химияның тийкарғы түсиниклерин қәлиплестириўде үлкен роль ойлайды. XIX әсирдиң ақырында 1869-жылы рус химиги Д.И.Менделеев тәрепинен химиялық элементлердиң дәўирлик кестеси дүзилген. Молекулалардың химиялық дүзилис теориясы жаратылады. XX әсирдиң басынан ҳәзирги күнге шекем химияның раўажланыўы адамзат турмысын қайыл қалдырарлық дәрежеде илгерилетип келмекте.
Күнделикли турмысымызды кийим-кеншек, жеке тутыныў буйымлары, фармацевтика, пластмасса, бояўлар, қурылыс материаллары, металл ҳәм жанармайсыз көз алдымызға келтириў қыйын. Соның менен бирге химия пәни басқа пәнлер менен де тығыз байланыста раўажланып келмекте.
Ҳәмме жерде химиялық процесслер ҳәм олардың нәтийжелерин көриўимиз мүмкин.

Халима АБДИХАЛИКОВА,
Нөкис қаласы, 1-санлы кәсип-өнер мектеби химия пәни оқытыўшысы.