«ӘДЕБИЯТЛАР ДОСЛЫҒЫ – ХАЛЫҚЛАР ДОСЛЫҒЫ»

Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында Қарақалпақстан Республикасы бойлап өткерилип атырған «Әдебият күнлери» шеңберинде «Әдебиятлар дослығы – халықлар дослығы» атамасында әдебий-музыкалы кеше болып өтти.
Кешеге Өзбекстан жазыўшылар аўқамы баслығы орынбасары, шайыр Ғайрат Мажид, Өзбекстан жазыўшылар аўқамы баслығы орынбасары, шайыр Салим Ашур, «Шарқ юлдузи» журналы редакторы Сурожиддин Рауф, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурман, Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры Кенесбай Каримов, Қарақалпақстан халық шайыры, Әмиўдәрья журналы редакторы Халила Дәўлетназаров, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, филология илимлери кандидаты Алланазар Абдиев, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогика институты физика математика, шет тиллери, баслаўыш тәлим факультети тютерлери басшылығында студент жаслар, көп санлы китапқумарлар қатнасты.
Кешени улыўма оқыў залы секторы баслығы Б.Утениязова ашты ҳәм алып барды. Кешеде Кеңесбай Каримовтың «Оғабий», Сағынбай Ибрагимовтың «Йул ўртаси», Бахтияр Генжемуратовтың «Юракнинг ўтли осмони» китапларын таныстырды ҳәмде Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурманның туўылғанына 60 жыл толыўы, «Шарқ юлдузи» журналының 90 жыллық юбилейлери менен қутлықлады. Кеше мийманлары өз сөзлеринде Рустам Мусурманның өмир жолы, дөретиўшилиги, қарақалпақ жазыўшы ҳәм шайырларының қунлы дөретпелерин өзбек тилине аўдармалағаны ҳаққында, «Шарқ юлдузи» журналының 90 жыллық тарийхы, онда қарақалпақ жазыўшы ҳәм шайырлардың шығармалары басылып шығарылып атырғаны, журнал жәмәәтиниң машақатлы мийнетлери ҳаққында айтып өтти. Китапқумарларға таныстырылып атырған қарақалпақ жызыўшы ҳәм шайырлардың «Оғабий», «Йул ўртасида», «Юракнинг ўтли осмони» китапларының өзбек тилине аўдармаланып, баспадан шыққанлығы туўралы айтып берди.

Болганай Утениязова,
Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме китапхана орайы, улыӯма оқыӯ залы секторы баслығы.