ЖУЎАПКЕРШИЛИК ЖОҚАРЫ НӘТИЙЖЕЛЕРГЕ ЖЕТКЕРЕДИ

Баспасөз тараўында өз қәлеми менен танылған белгили журналистлер менен бир сапта компьютер қәнигелери, оператор-дизайнерлер де хызмет етеди. Олар мисли шыпакерлердиң жақын жәрдемшилери болған мийирбийкелер киби барлық әмелий жумысларды жуўапкершилик пенен атқарады. Журналисттиң түрли жанрларда таярлап жазып келген мақалаларының газетадағы “имиджин” жаратады. Бүгинги оқыўшының талғамы жүдә жоқары. Сонлықтан газеталардың бул тәрепиндеги хызметкерлер де мудамы өз үстинде изленеди. Темалар ушын тартымлы, мазмунына сай келетуғын шрифтлерди, реңлерди табыўға ҳәрекет етеди. Республикалық басылымлардың ишинде “Қарақалпақстан тонги”, “Қарақалпақ әдебияты” газеталарының сапалы ҳәм тартымлы шығыўында Серик Жолдыбаевтың салмақлы мийнети бар. С.Жолдыбаев 2002-жылдан баслап усы газетаға жумысқа араласқан болса, мине быйыл 21 жылдың майданы болыпты. Серик пайтахтымыздағы 17-санлы мектепти тамамлап, 1998-жылы сол ўақыттағы Нөкис политехника колледжиниң программист-машинист қәнигелигин оқып питкереди.
Ол жумыс баслаған ўақытлары интернет тармақлары ҳәзиргидей кең ен жаймаған еди. Соған қарамастан жәмәәтиниң өзине билдирген исенимин мудамы ақлаўға ҳәрекет етти. Билмегенин сорап үйренип, ҳақыйқый кәсибиниң маманы болыўға бел байлады. Ол жыллары газетаны баспаға таярлаў басқышлары да ҳәзиргидей емес еди. Базы да ўақыт пенен санаспайтуғын пайытлары да болады. Газетаны қәтесиз, сапалы етип оқыўшысына өз ўақтында жеткерип бериўге ылайықлы үлес қосыў оның баслы ўазыйпасына айланды.
С.Жолдыбаев өндиристен қол үзбестен 2018–2023-жыллары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика қәнигелигиниң сыртқы бөлимин оқып питкерди. Республикалық газеталарда түрли тараўлардан бир қатар мақалалар таярлап үйренди. Дөретиўшилик орталық, баспасөз жанкүйерлери ҳәм тараў тараў пидайылары менен бирге ислесиў кәсибине деген инта-ықласын арттырып, үлкен жол-жобалар алыўына имканият жаратты.
2021-жылы “Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығы” көкирек нышаны менен сыйлықланды.
– Ең әўели үлкен исеним билдирген, устазым «Қарақалпақ әдебияты» газетасы редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры Г.Аннақлычева ҳәм «Қороқолпоғистон тонги» газетасы бас редакторы Н.Матякубоваларға өз миннетдаршылығымды билдиремен. Бүгинги күнде газетамыздың сайт ҳәм телеграмм тармақларын да өзим алып бараман.
Баспасөзимизге аз да болса өз үлесимди қосып киятырғанымнан жүдә қуўанышлыман,–дейди Серик Жолдыбаев.
Баспасөз есигине он тоғыз жасында кирип келген Серик быйыл 40 жасты қарсы алмақта. Ол шаңарағында өмирлик жолдасы Анар менен еки қыз бир улды тәрбиялап атырған бахытлы әке. Кәсиплесимиз Серик Жолдыбаевтың алдағы жумысларында үлкен табыслар бола бериўине тилеклеспиз.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршымыз.