ЖАҢА ЖЫЛ СЕЗИМЛЕРИ

Жылқымыз сен келсең шығады таўға,
Таярлап келерсең бәршеге саўға,
Қулшындырдың адамзатты бәрҳама,
Аппақ арзыў-нийет пенен жасаўға!
Шын жүректен сеннен нени тилесек,
Әлҳаббыз! Артығы менен бересең,
Кеўил жақынларды дийдарластырып,
Отаўларға пайыз алып келесең!
Биз билмеймиз қандай тилсимиң барын,
Кеўилге буншелли ысық дийдарың,
Қарсылатып әрманлаған таңларды,
Умыттырдың дәртлилердиң муң-зарын!
Нени түйген болса кеўилге инсан,
Иске асырыўға берерсең имкан,
Тилегим, пүткил инсаниятқа,
Бахытлы күнлерди еткейсең инам!
Қалып кеткей гүллән муң-қайғы изде,
Өтинемен, сарғыш ендирме жүзге,
Ойлап табыўларға болғайсаң арқаў,
Жаңа мазмун бергил өмиримизге!
Бахытлы Сарыбаев.