АЙЖАМАЛ ИЙЕЛЕГЕН ШОҚҚЫЛАР

– Айырым бир жаслар бар, ҳәўесиң келеди. Ўақыттан ҳәм пайыттан утымлы пайдаланып, жаслық ўақытта неге жетисиў керек болса, бәрин ийелейди. Себеби, жаслық қайнаўытлаған арзыў-әрманға толы әжайып ўақыт. Мине, усындай бир қайталанбас мәўритлерден, жыллардан, алтыннан да қымбат ўақытларын билимге ғана сарыплаған Айжамал Тоқсанбаеваның жетискенликлерине ҳәўес етип, жүрегиңниң түбинен мениң перзентим болған да еди деп сүйсинесең. Республикамыздың ең үлкен билим дәргайының юридика факультетиниң юриспруденция тәлим жөнелисиниң 4-курс студенти Айжамал Тоқсанбаева жыл жуўмағындағы жетискенлиги Президент стипендиясы ийеси болды.

Ол ҳәр бир жастың, қыял әрманында жүретуғын нийет-әрманға билимге умтылыўшылығы мийнетсүйгишлиги арқасында жетискенлигин анық тастыйықлап тур.
Ол бүгинги күнде “Жынайый ҳуқықый, пуқаралық ҳуқықый пәнлер” кафедрасында бириктирилген студентлер арасында оқыў, илимий ҳәм мәдений тараўларға белсендилиги ҳәм қызығыўшылығын көрсете алды. Айжамал Тоқсанбаева тынымсыз излениўлери нәтийжесинде 46 илимий мақала ҳәм тезислери, соннан 31 илимий дөретиўшилиги шет ел мәмлекетлеринде жарық көрип, 20дан аслам мийнети инглис тилинде баспадан шыққан. Сондай-ақ, республика көлеминде өткерилип киятырған илимий- әмелий конференцияларда өз баянатлары менен қатнасып, бир неше таңлаўлардың жеңимпазы болып, теңлеслеринен озық болды. Айырымларын айтар болсақ, 2021-жыл “Адамлар-буйым емес” таңлаўының “Ең жақсы видео–сюжет” номинациясы бойынша 1-орын, 2022-жыл “Адам саўдасы-дәўир машқаласы” таңлаўында “Ең жақсы мақала номинациясы бойынша 1-орын, 2022-жыл үш (Миср, Аргентина, Ҳиндстан) халықаралық шөлкемлердиң елшилик ўазыйпасын атқарыў мүмкиншилигин қолға киргизиўге миясар болған Айжамал бир қанша диплом, сертификат, миннетдаршылық хат ҳәм ҳүрмет жарлықлар менен сыйлықланыўы талапшаңлығының жемиси екенлигин билсек болады.

Усындай билим ҳәм илим изленислерден шаршамай, умтылыўлар нәтийжесинде өткен 2022-2023-оқыў жылында И.Юсупов атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси болған Айжамалдың әрман шоққыларын пәрўазлатқан еди.
–2021-жылы жөнелисим бойынша илимий мийнетим Украина Республикасының электрон басылымында жарық көргенинде устазларымның жақсы пикирлери маған өзгеше илҳам бағышлады. Сол айтқандай ҳәр бир жетискенлигимде ата-анам Маңғытбай Пирназаров пенен Базаргүл Сапарова, илимий басшым юридика илимлери кандидаты, доцент Ф.Қутлымуратов ҳәм билим берип атырған устазларымның ҳәм меннен үмит етип отырған барлық инсанлардың исенимин ақлап атырғанымнан қуўанышлыман. Усындай студентлик дәўирлерим умытылмас жыллар болып, кеўилимде мөрленип бармақта, – дейди жылдың жаңалықларына жетискенлик киргизип ҳәм еле де жоқары илгерилеўди мақсет еткен университеттиң Президент стипендиясы ийеси Айжамал Тоқсанбаева.
Ҳәр бир табысы жуўапкершиликти ҳәм тынымсыз изленислерди талап ететуғынлығын сезинген Айжамалдың мақсети ҳуқық қорғаў органларында алған билимлерин жумсап, елге хызмет етиў ҳәм илимий-дөретиўшилик жумысларында даўам еттириўди келешек режелерине киргизген студент қызымызға бийик пәрўазлар тилеймиз.

Зибира
АБДИНИЯЗОВА,
Арнаўлы хабаршымыз.