Тахтакөпир районындағы 4-санлы мектепке шекемги билимлендириў бөлиминде 14-январь – «Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибети менен «Жигитлер султаны» жарысы өткерилди. Бунда мектепке таярлаў ҳәм үлкен топарлардың кишкене ул балалары төрт бөлим бойынша өз-ара күш сынасты.
Кишкенелер сәлемнама, өз өнерин көрсетиў, «Мен спортты сүйемен», «Мен әкеме жәрдемшимен» деген шәртлерде балаларша бар интасы менен қатнасқаны ҳәммеде қызығыўшылық
оятты. Бизиң бақшамызда 6 топарда балалар тәрбияланып атыр. Жарысты шөлкемлестириўде Гүлсәўир Қайыпова, Алтынай Қәдирқулова деген тәрбияшылар менен музыка жетекшиси Алтынай Жуманиязовалардың мийнетлери айрықша болды.
Жарыс қатнасыўшыларына номинациялар менен бирге «мақтаў жарлықлары»н шөлкем директоры Сәрбиназ Абдинаймова тапсырды. Келешегимиз болған кишкенелерге меҳир-муҳаббат, қәлбине Ўатан туйғысын сиңдириўде бәрқулла усындай жарыслар шөлкемлестирип барамыз.
Кишкенелеримиз саў болсын.
Гүлжахан
НСАНБАЕВА,
Тахтакөпир районы.
