ТОПТЫ ЖАРЫП ШЫҚҚАН ТАЛАНТ

Бахытлы Сарыбаев өз дөретпелери менен бүгинги күнде поэзия шайдаларыныӊ жүрегине жол табыўға умтылып атырған жас шайырлардыӊ бири. Мектеп дәўирлеринен басланған көркем әдебиятқа болған меҳир жас дөретиўшиниӊ қолына қәлем алып, кеўилдеги гөззал сезимлерди ақ қағаз бетлерине төгип салыўына себепши болды. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ қарақалпақ филологиясы факультетинде билим алған дәўирлеринен баслап әдебият теориясыныӊ сырларын тереӊнен үйрениўге, өмир қубылысларын, әтираптағы инсанлардыӊ арзыў-әрманларын дөретиўши нәзери менен бақлаўға, заманласларыныӊ кеўил кеширмелерин тереӊнен сезинип, өз шығармаларында көркемлеп бериўге умтылып келмекте.
Б.Сарыбаев бираз жыллардан берли Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамында өткерилип барылатуғын семинарларда, шеберлик сабақларында, әдебий ушырасыў кешелеринде өзиниӊ жүрек төринен шыққан әжайып шығармалары менен белсене қатнасыўға умтылып, устаз шайыр-жазыўшылар менен пикир алысып, олардыӊ баҳалы усыныс ҳәм кеӊеслерине әмел етип, дөретиўшилик лабораториясын байытып киятырғанлығын мақтаныш пенен айтып өтсек арзыйды.
Ҳәзирги күнде Б.Сарыбаев Нөкис қаласындағы И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен оқыўшыларға билим берип келмекте. Көркем әдебият сырларын жас әўладларға жалықпай үйретиў арқалы олардыӊ инсаныйлық пазыйлетлерин және де жетилистириўге умтылады.
2021-жылы устазлар байрамы қарсаӊында Ташкент қаласында өткерилген «Дөретиўши муғаллим» әнжуманына белсене қатнасып, сертификат ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Әдебий әнжуманда белгили шайыр-жазыўшылардыӊ дөретиўшилик тәжирийбелерин, өмирлик сабақларын қунт пенен үйренип, керекли билимлерге ийе болды.
Талант ийесиниӊ қосықлары, түрли мазмундағы публицистикалық мақалалары республикалық басылымларда тез-тез жәрияланып турады. Атап айтқанда, «Әмиўдәрья» журналында, «Қарақалпақстан жаслары», «Устаз жолы», «Қарақалпақ әдебияты», «Қарақалпақстан мәденияты» газеталарында жас дөретиўшиниӊ қәлеминен дөрелген поэзиялық шығармалары жарық көрип келмекте. 2022-жылдыӊ август айында ϴзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзалығына қабыл етилиўи, жас дөретиўшиниӊ өмиринде умытылмас ўақыя болды. Жазыўшылар аўқамыныӊ қоллап-қуўатлаўынан, устазларыныӊ, ел-халқымыздыӊ үмит ҳәм исениминен, дыққат-итибарынан руўхланып, дөретиўшилик жумысларын алып бармақта.
Жас қәлем ийесиниӊ «Туўысқан», «Шаӊарақ» атлы китаплары «Жети ықлым» баспасынан жарық көрди. «Туўысқан» атлы туӊғыш китабыныӊ презентациясы 2022-жыл, 9-декабрьде пайтахтымыздағы Жаслар орайы имаратында өткерилип, оған Б.Сарыбаевтыӊ устазлары, кәсиплеслери, қәлемлес дослары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Қәлем ийесиниӊ көпшилик қосықларына намалар жазылып, олар Бегис Темирбаев, Баҳадыр Разымбетов, Мәдияр Бекполатов, Алишер Маўбеков, Бердақ Қалбаев, Асемай Уракова сыяқлы халқымыздыӊ сүйикли қосықшылары тәрепинен атқарылып киятыр.
Әлбетте, ҳәр бир дөретиўши қәлеминде Ўатан, дослық, өмир, меҳир-муҳаббат, туўысқанлық темалары түрлише поэтикалық усыллар арқалы көркем сәўлелендириледи. Бахытлы Сарыбаев бул нурлы сезимлерди жүректен тереӊ сезинип, әжайып қосықлары арқалы оқыўшыларды қыял теӊизинде жүздирип, гөззал эстетикалық сезимлерге бөлейди. Көркем әдебиятты сүйген, дөретиўшиликти өмириниӊ мазмуны деп билген, топты жарып шыққан Бахытлы Сарыбаевқа сарқылмас йош-илҳам тилеп, әдебий шығармаларды дөретиўден ҳеш қашан талықпағайсыз деймиз.
Амангүл МАШАРИПОВА,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби тәрбияшы-педагогы.