НЫЗАМ ҮСТИНЛИГИНЕ БАҒДАРЛАНДЫ

Пуқаралардың конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў, нызам үстинлигин тәмийинлеў–бахытлы турмысымызға кепиллик береди.
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик Министрлигинде 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша баспасөз конференциясы болды. Конференцияға министрлик хызметкерлери, баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм нотариус хызметкерлери қатнасты.
Баспасөз конференциясын Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик Министри орынбасары М.Абдижалиев кирис сөз бенен ашты. Ол республикамызда өткен 2023-жыл даўамында орынланған жумыслардың әҳмийетли көрсеткишлери ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.
Министрликке ҳәм район (қала) лық бөлимлерине физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 6059 мүрәжат келип түсип, соннан 3568 мүрәжат қанаатландырылған. Судларға 17 миллиард 207 миллион сумлық 1567 даўа арза киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленип, нызам үстинлиги тәмийинленбекте.
Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлериниң орынланыўын қадағалаў тараўында өткен жылы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен 75933 жағдайда нызамбузыўшылыққа жол қойылғаны анықланды. Оны сапластырыў бойынша 1269 усыныс ҳәм 565 ескертиўлер киритилген. 1688 мәмлекетлик уйым ҳәм лаўазымдағы үйрениўлер өткерилген. Нәтийжеде 951 шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, пуқаралардың 19 миллиард 637 миллион сум қаржылары қайтарылды ҳәм төлеп берилди.
Сондай-ақ, (E-huquqshynos) электрон системасы арқалы хызмет көрсетилетуғын мәкеме ҳәм шөлкемлерден 600 мыңға шамалас ҳүжжет келип түсип, соннан 579916 ҳүжжетке унамлы жуўап берилип, 2583 ҳүжжет жойбарлары нызамшылық талапларына муўапық болмағанлығы ушын қайтарылды.
Баянат соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршымыз.