Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизге карантин астындағы зыянлы организмлер кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыўды тәмийинлеў, соның менен бирге, өсимлик ҳәм мийўе-палыз егинлери өнимлери экспортын раўажландырыў ушын шәрт-шараятлар жаратыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта. Бундай шараятта қәўипли зыянкеслер, өсимликлер кеселликлери, жабайы шөплерден исенимли қорғаўды тәмийинлейтуғын ишки ҳәм сыртқы өсимликлер карантини бойынша мәмлекет илажларының нәтийжели системасын жолға қойыў ҳәм олардың тарқалыўына жол қоймаў бойынша жумысты күшейтиў әҳмийетли.
Республикамызда фитосанитар қәўипсизликти толық тәмийинлеўге ҳәм сырт ел мәмлекетлери, компания ҳәм корпорациялар сыртқы саўда өнимлердиң сыртқы базарларына алып шығыўға унамсыз тәсир көрсетиўши жағдайлардың алдын алыў бойынша фермер хожалықларына инспекторлар тәрепинен кластер, фермер дийқан хожалықлары ҳәм үй алды қыйтақ жер ийелерине қысқы мәўсимде аўыл-хожалық егинлери зыянкес, кеселлик ҳәм жабайы шөплерине қарсы комплекс қарсы гүресиў илажларын өз ўақтында ҳәм сапалы өткериў ҳаққында семинар өткерилип «Агрокомакчи»мобил жүклемеси ҳаққында түсиник жумыслары алып барылмақта.
Өсимликлердиң фитосанитар мониторинги мәмлекеттиң өсимликлерин ҳәм өсимлик өнимлерин шет ел мәмлекетлеринен түрли жоллар менен кирип келген яки алып келинетуғын кеселлик, зыянкес, жабайы шөплер анықланғанда оларды жоқ қылып таслаўға қаратылған мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған илажлар қатарына киреди.
Өсимликлерди нәтийжели қорғаўда егинзарларда ушырайтуғын зыянлы организмлердиң пайда болыў мүддетлерин ҳәм оның тарқалыўын барлық ўақыт көзден өткерип барыў, оларға қарсы агротехникалық, карантин илажларының ең арзан ҳәм нәтийжели усылларын қоллап, фермер хожалықларына экономикалық зыян жеткизбестен алдын алыў имканияты жаратылады.
А.Нурманов,
Нөкис халықаралық аэропорты инспекторы.
