“Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў” –
Деген атамада усы жыл дейди,
Егер жаслар қолға алса бизнести,
Жер түўе, таўда да таслар гүллейди.
Президент қойған жылға атама,
Аттракторды* ол тегин тарта ма,
Жаслар келешеги бизиң дәўирдиң,
Жасларсыз ел абырайы арта ма?
Билим боп тур елбасшының сөз басы,
Билимсиз раўаж болмас қысқасы,
Өзлерин көрсеткен дүньяны жарып,
Жаслар Ўатанымның ертең тулғасы.
“Инсанға итибар” деген уран бар,
Елимде исенген жаслар – қыран бар,
Тарийхы тереңде – Уллы Туран бар,
Халқымда бир гәп бар: “Тегине тартар”,
Бул жолға ҳәммеде исеним артар.
Аттрактор* – сөзиниң англичан тилиндеги мәниси «өзине тартыў», «өзине қаратыў», «өзине енгизиў» деген мәнисти билдиреди. Өзбекстан Президенти жасларға тегиннен тегин жоқары исеним билдирип атырған жоқ (автор).
Алпысбай
ИБАДУЛЛАЕВ.
