Күн шымыры. Қарлы аяз сақылдап,
Қыс сүйретип келгеннен соң қылышын,
Жылар боран нәрестедей қақылдап,
Түни менен алып журттың тынышын.
Улыр үргин.Тур қақаман ысқырып,
Салар қыраў терезеге сүўретин.
Сыйқырлы қыс. Эй, биймаза ызғырық,
Маған да сүўрет салыўды үйретиң!
Бала күшик былғаңлатып қуйрығын,
Жармасады гә балақ, гә етекке.
Көтералмай күнниң мына суўығын,
Тарғыл көпек қаңсылайды кетекте.
Сызатланған түтинлер де зор, қызық,
Қарап турсаң бултқа шекем жетеди.
Әлле қайда жалғыз аяқ жол түсип,
Жүргенде қар қытыр-қытыр етеди.
Әйнеклерде аяз жазған «сөз басы»,
Оны оқый алатуғын бизбеди?!
Қыңыр бала жылағанда көз жасы,
Жерге моншақтай жумалап түседи.
Шашылады улпа қардың ушқыны,
Хрусталь сынықлар тынбай саўлайды.
Морылардың қуйылып тур үскини,
Қаңылтыр пеш төринде от лаўлайды.
Таң азаннан бузылысып тағы күн,
Қар үстине тағы да қар жаўажақ.
Тоғайлықта жойтып алған бағытын,
Келер жүйткип арбалы бир қаназат.
Оразбай СӘТБАЕВ.
