БАҚАНШАҚЛАРДАН БАСЛАНҒАН СОҚПАҚ

Арамызда Арал теңизимиздиң толып турған ўақтын көрген ҳәм жағасында жасаған инсанлар бүгин азшылықты қурайды. Олардың бири – газетамыздың жәмийетлик хабаршысы Оразгүл Қощанова.
– Маған кишкенелигимнен қолыма қәлем услатқан, кеўлиме сулыў сезимлерди уялатқан бул өзимниң туўылып өскен жерим – Мойнақ ҳәм Арал теңизи. Үйимизге теңиз жүдә жақын еди. Ескекли ҳәм моторлы қайықлардың суў бетинде тербелип турыўын, ақ көбик үлкен толқынлардың жағаға урылыўын тамашалаў балалықтың шийрин демлери болды. Бақаншақлардан моншақ дизип үлкейдик, – дейди бүгин жетпес бес жасты қарсы алып атырған О.Қощанова.

Қәнигелиги бойынша англичан тили пәни муғаллими. Ол 1972-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлап, өзи оқыған Мойнақтағы 2-санлы мектепте муғаллим болып ислейди. 1986–90-жыллары Мойнақ районлық партия комитетинде идеология бөлиминде инструктор, соң райондағы 1-санлы қәнигелестирилген лицейде директордың руўхый-ағартыў ислери бойынша орынбасары болып ислеген.
Оқыўшыларға тыянақлы тәлим-тәрбия бериўи, жемисли мийнетлери ҳәм жәмийетлик жумысларда да белсендилиги мүнәсип баҳаланып, ол Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы көкирек белгиси ҳәм Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған.
Оразгүл Қощанова ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласы 11-санлы “Туңғыш қоныс” МПЖ да жасайды. Үлгили нураный ҳәм шаңарағында ақлық-шаўлықларының меҳрибан кемпир апасы. Мәканда өткерилген “Ең китапсүйер шаңарақ” таңлаўының жеңимпазы болып, арнаўлы диплом ҳәм естелик саўға менен сыйлықланыўға миясар болды. Дөретиўши инсан излениўден ҳәм жазыўдан тоқтамайды. Оның 2016-жылы, “Қосықларым–қанатым” атлы китабы “Қарақалпақстан” баспасынан жарық көрди. Оған автордың Арал теңизи ҳаққындағы қосықлары сайлап алынған. “Бақаншақлар” китабы баспаға таярланбақта.
Баспасөзимиздиң жанкүйери, ҳүрметли дем алыста болса да қолынан қәлеми түспейтуғын Оразгүл Қощанова ең баслысы жәмийеттеги ҳәр бир мәселе ҳәм жаңалыққа бийпарқ болмай, қәлем тербетиўге шаршамайды.

СПОРТ БУЙЫМЛАРЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Елимизде спорттың ғалабалығына ерисиў ҳәм жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге үлкен итибар қаратылған. Спорттың барлық түрлеринен кең ареналарда жеңимпазларымыздың шығыўы ҳәм елимиз байрағының жоқары көтерилиўи не деген мақтаныш.

Жақында Нөкис қалалық 1-санлы спорт мектебинде мәҳәлле жаслары ушын «Президент саўғасы» спорт буйымлары салтанатлы түрде тапсырылды.
Бул илажға республикамыздағы барлық мәҳәлле жетекшилери, тийисли тараў ўәкиллери ҳәм спорт мектеби спортшылары ҳәм тренерлер қатнасты. Тийкарғы мақсети–жасларымыз арасында саламат турмыс тәризин еле де кең ен жайдырыў ҳәм жаслар жетекшилериниң жумыс нәтийжелилигин және де асырыўдан ибарат болды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң орынбасары Б.Өтемуратов, Өзбекстан Республикасы Спорт министри орынбасары Д.Рахимова, Жаслар Ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П.Махсетбаевлар сөзге шығып жаслар жетекшилерине табыслар тиледи.
Жасларды әскерий ўатан қорғаў рухында тәрбиялаў ҳәм оларды ўатанды қорғаўдай әдиўли, уллы хызметке таярлап барыў мақсетинде Арқа-Батыс әскерий оркестрдиң шығыўы усынылды. Соң Ана Ўатанымыз тынышлығын көздиң қарашығындай қорғаў ҳаққында жасларға айтып берилди.
Сондай-ақ, спорт мектеби оқыўшыларынан дүзилген қомандалар ҳәм мәкан жаслары арасында спорттың киши футбол түри бойынша жарыс өткерилди.

Усы бетти таярлаан Жумагүл Ембергенова