Дәўирлер өтип, заман жаңарып, турмысымыз алға илгерилемекте. Бурын мүшкил болған ислер енди әсте-ақырын изде қалмақта. Жаңа кәсип ҳәм хызмет түрлери пайда болып атыр. Әсиресе, ада болмас үй жумысларының да аңсат шешимлери “жолға қойылған”. “Супер келиншек” хызметиниң пайда болып, оннан көпшиликтиң пайдаланып киятырғанына да бес жылдың майданы болып отыр.
Дурыс, ҳәзир бундай хызмет түрлери көп болып, олар менен социаллық тармақлар арқалы байланысып, буйыртпа ҳәм шақырыў бериўге болады.
Бүгин көпшиликти қураған усындай хызмет түрлерин ең дәслеп, биринши болып баслаған инсан бул тақыятаслы Наргиза Абдикаримова. Алдынлары “Супер келиншек” хызмети болса ҳәзир көбинесе “Наргизаханның қызлары” атамасында танылмақта. Ең әҳмийетлиси ўақыт сынаўларынан сүринбей өтип, адамлар исенимине ерисе алды. Ол ҳаққында унамлы пикирлер айтылып атырғанының гүўасы болып жүрмиз.
Наргиза Абдикаримова қәнигелгиг
и бойынша мийирбийке. Турмысқа шығып, шаңарақ болған соң ҳәммениң басынан өтетуғын материаллық қыйыншылық оларды да шетлеп өтпеди. Боян тамырын жыйнап тапсырыў жумысында исши болып ислейди. Бул ўақытша жумыс еди. Балалар бақшасына жумысқа киреди.
Соң перзент тәрбиясы дем алысында болады. Ҳаял–шаңарақта қос арыстың бири. Сонлықтан Наргиза да қолынан келгенше өмирлик жолдасының дәрамат табысына қосымша табыс табыў ретин ой
ластырып жүрди.
–2019-жылы февраль айынан баслап биринши шақырыў буйыртпамызды алып басладық. Сол пайытлары социаллық тармақлардан пайдаланыў ҳәзиргидей кең ен жаймаған еди. Еки келиншек болып, Нөкис Орайлық базарында “визитка” мызды тартқатып шықтық. Соң әсте телефон номеримизге қоңыраў етип, жумысларымыз баслана баслады. Ҳәр бир қыйыншылық мени және де шынықтырып барды. Қыйыншылықсыз жумыстың өзи жоқ. Шаршап, қыйналған ўақытларымыз да болды. Соң талап көбейиўине байланыслы қасымызға қыз–келиншеклерди қосып бардық. Күнлик жумысқа ийе болып, жүргенимизде ҳәммемизге белгили елимизде коронавирус пандемиясы басланып, карантин орнатылды. Арадан бир жылдай ўақыт өтип, және күнлик жумысларымыз басланды.
Жумыс табыў қыйын, ақша жоқ деп отырмай жолын излестирсе ҳәмме нәрсениң илажын тапса болады. Ҳәтте, бир сипсе ҳәм бир тряпка менен пул табыўға болады. Адам мийнеттен қашпаса болды. Ҳадал маңлай тер менен тапқан табысың ҳеш қашан сениң жүзиңди төмен қаратпайды.
Бизлердиң хызметимиздиң көбиси – тазалық жумыслары. Ҳәзирги ўақыттағы жуўыўшы-тазалаўшы өнимлерди бир-биринен парықлап, қолланыў қағыйдалары менен қолланыў талап етиледи. Бүгинги күнде хызмет түрлеримиз саны артты, – дейди Наргиза Абдикаримова.
“Талаплыға нур жаўар” деген гәпте үлкен мәни бар. Тәўекелге бел байлап, усы талапты баслап, оны таслап кетпей, ал раўажландырып, кеңейтиўге ерисип атырғаны айтыўға арзырлық ислер. Дәслеп жеке исбилермен болып ҳүжжетлестирген болса, ҳәзир “Наргизаханым “Супер келинлер ҳәм жигитлер” ЖШЖ. Тақыятас районындағы “Дослық” МПЖ да 21 қыз-келиншекти жумыс пенен тәмийинлеўге еристи. Және дизимде буннан да көп қыз-келиншеклер бар болып, олар шақырыў–буйыртпа болса келип турады.
Қонақ күтиў, сомса-беляши писириў, дастурхан жайып, соң жуўып, тазалап берип кетиў, бала бағыў, кир жуўыў, үй жумыслары, үй тазалаў хызмети усылайынша жолға қойылып, оларға сегиз саат жумыс ўақты белгиленген. Жумысшыларға биринши нәўбетте өз ўазыйпасын мүлтиксиз орынлаўы ҳәм өзине билдирилген исенимге қылапылық ислемеў талап етиледи. Исенимге қыянетти қайтып тиклеў мүмкин емеслиги қатаң қатаң түсиндириледи.
Наргиза соның менен бирге бир қатар оқыў орайларында оқып, өз билим ҳәм тәжирийбелерин жетилистирмекте. Vkusno vy Seva аспазлық орайында Азия ҳәм Европа асханалары бойынша Дилназа Ешниязовадан сабақлар алып, арнаўлы сертификатын алыўға миясар болды. Сондай-ақ, өткен жылы сентябрь айында белгили бизнес–тренер Азамат Қайпановтың курс сабақларына қатнасып, сертификатқа ийе болды. Қазақстан Республикасындағы белгили психолог Қуралайханымның оқыў курсына онлайн қатнасып, соң өзи менен көрисип, өзине керекли көплеген жол-жоба, сабақларды алғанлығын айтты.
Н.Абдикаримова 2023-жылы апрель айынан баслап жуўыўшы–тазалаўшы өнимлер дүканын ашты. Жоқарыда айтып өткенимиздей, жумыслары жуўыў-тазалаў менен байланыслы болғаны ушын жумысшы қыз-келиншеклер ҳәм буйыртпашы, қарыйдарлар ушын бул жүдә зәрүр еди. Бул арқалы саўда фирмалары менен де байланыс жумыслары жолға қойылып, еки келиншек сатыўшы болып жумыс пенен тәмийинленди.
Сондай-ақ, тойханалар ҳәм кафелердеги орынлық, диван ҳәм мебельлерди жуўыў хызмети де баслағанлығын айтып өтти. Бул хызметти болса ўақыт пенен санаспастан, рестораннан соңғы қарыйдар қайтқан соң, түнги пайыт тазалап хызмет көрсетип келмекте.
Қонақ күткенде дастурханның көркине-көрк қосатуғын бул соңғы “модадағы” тарелка-ыдыслар Наргиза талапқа бола усындай чайник-кесе, ыдысларды “арендаға” бериўди де жолға қойды.
Истиң көзин билип, бир талапты жән-жақлама үйренип, байланыстырыў жолларын уғып алыў, ықлас пенен оны әмелге асырыў да ол тынып-тыншымайды. Наргизаның алдағы мақсетлери үлкен. Әсиресе, оның бизиң халқымыз тағамлары ҳәм салатларын дүнья жүзи ресторанларына енгизиў нийетлери үстинде излениўлери қайыл қалдырды. Биз де өз, гезегинде ҳәр бир исиңе сәт, деймиз Наргиза!
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршы.
