Жақында Нөкис қалалық 30-санлы мектепте оқыўшы қызлар арасында үлгили, билимли–илимли кәсип ийелери менен ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўды мектеп директоры А.Қощанова кирис сөз бенен ашты. Ушырасыўға аймақтағы нураный А.Абдуллаева, В.Шүкируллаева ҳәм В.Утепбергенова, “Бес төбе” МПЖ баслығы Т.Жумамуратова қатнасты. Олар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, сиясий, социаллық–экономикалық раўажланыў бойынша қабыл етип атырған Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун мәнисин ҳәм әмелге асырылып атырған унамлы жумыслар ҳаққында кең түрде сөз етти. Қатнасыўшылар өз өмир жоллары ҳәм мийнет жолы ҳаққында кәсиплериниң машақатлы ҳәм қуўанышлы тәреплерин айтып берди.
Ушырасыў кеше қызықлы сораў–жуўаплар менен даўам етти.
Айжамал
БЕКПОЛАТОВА,
Нөкис, 30-санлы мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.
