Жеңиллетилген кредит, шаңарақлық исбилермен, жеке исбилермен – бул сөзлер ҳәзир көп қолланылып келмекте. Исбилерменлер өз хызметлерин
жолға қойып, кең жәмийетшиликте өз орынларына ийе болмақта. Олар тараўларға жаңа жөнелислерди де алып келмекте.
Пайтахтымыздағы Vkusno by Seva Nukus – аспазлық оқыў курсының ашылғанына енди еки жыл болды. Усы аз ғана ўақыттың ишинде көпшиликтиң дыққат-итибарын өзине қарата алды. Ташкентте өз абырайына ийе бул оқыў орайы ҳәмме ўәлаятларда ашылды. Аспазлық бойынша ҳәм дүнья тағамларын да таярлап үйретиўди жолға қойған бул оқыў курсы бизиң республикамызда биринши мәрте ашылды. Яғный, 2023-жыл 5-июнь сәнесинде ашылып, ҳәзирге шекем еки ярым мыңнан аслам ҳаял-қызлар оқып, өз маманлығы бойынша сертификат алған.
Бүгинги күнде Vkusno by Seva Nukus аспазлық студиясы болған бул орын ҳәм оның басшысы Дилноза Ешниязова социаллық тармақлар арқалы халқымызға жақсы таныс. Нөкисли Д.Ешниязова орта мектепти тамамлағаннан соң Ташкент экономика лицейинде тәлим алған. Соң Ташкент экономика – университетиниң халықаралық бизнес факультетине оқыўға кирип, табыслы питкерип шыққан.
– Ең дәслеп, алдыма қойған мақсетим – ресторан ашыў болды. Усы тараўда тәжирийбеге ийе анам менен ойласып, оннан жол-жобаларын сорап, көп излендим. Бизнес дүньясы өзине тән талап ҳәм нормаларына ийе. Талапқа сай болыў базарды билиў арқалы алға өрлейсең. Өзим усы атамадағы Ташкенттеги оқыў орайында оқып келдим. Басқа ўәлаятларда филиаллары ашылып атыр еди. Мен де тәўекел етип республикамызда биринши болып өзиниң тәртип-қағыйдалары менен ашыўға бел байладым.
Жылына бир-еки мәрте Ташкентте өз тәжирийбемди асырыўға барып тураман. Жақында Москва қаласында өз жөнелисим бойынша барып, Европа дисертлерин таярлаў бағдарында тәжирийбе асырыўда оқып келдим. Асханамызда торт, ыссы аўқатлар, салат, печеньелер ҳәм түрк, армян, азербайжан, Европа, грузин, татар, корея тағамлары таярланады. Он ҳаял-қызды жумыс пенен тәмийинледик, – дейди исбилермен Дилноза Ешниязова.
Аспазлықтың барлық сырларын үйрениў ҳәр бир ҳаял-қыздың өзи ушын да жүдә зәрүр есапланады. Ҳаял-қызлар жәмийетте ылайықлы өз орынларын табыў менен бирге шаңарағында жақсы үй бийкеси болыўы ушын оның аспазлығы шаңарағына пайыз-берекет алып келеди. Соның менен бирге сертификатқа ийе болып, усы тараўда жеке исбилерменлигин баслап атырған ҳаял-қызлар да бар.
Бүгинги күнде усы оқыў курсы оқытыўшысы, исбилермен, маркетолог ҳәм инстаблогер Дилноза Ешниязова қайыр-сақаўатлық ислердиң де қасында. Бахытсыз ҳәдийсе себепли ата-анасынан айрылған бир жигиттиң үйлениў тойын өткериўге блогерлер менен бирге қәўендерлик етип өз үлесин қоспақта.
Дилнозаның шаңарағы исбилерменлер шаңарағы. Өмирлик жолдасы да усы тараў ўәкили. Олар еки қыз, бир улдың ата-анасы. Миллий асханамызды дүнья еллери асханалары менен байланыстырып атырған Д.Ешниязова бизнес әлеминде өз брендин жарата алды ҳәм базарда өз орнына ийе. Алдағы үлкен режелеринде табыслар тилеймиз.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршымыз.
