Қарақалпақ классикалық әдебиятының ең ири тулғасы, өз дәўириниң билимли уллы ойшылы, халқымыздың руўхый дүньясында айрықша орын ийелеген сүйикли шайырымыз Әжинияз Қосыбай улы.
Шайыр терең мазмунлы, жүрекке жағымлы тек қарақалпақ халқының емес, туўысқан халықлардың да итибарын тартқан. Сонлықтан да Әжинияздың өлмес шығармалары мине еки жүз жылдан берли халқымыз қәлбиниң төринде, көз қарашығындай қәстерленип киятыр.
Жақында Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 36-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Әжинияз Қосыбай улы 200 жаста ” атамасында әдебий кеше өткерилди.
Кешеге Қарақалпақстан Республикасы Бердақ атындағы музыкалы академиялық драма театрының директоры А.Х.Ниетуллаев, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген артист, көплеген бас рольлери менен танылған актёр Х.Алланазаров мийманда болды. Олар оқыўшыларға бүлбилзибан уллы шайырымыз ҳаққында, өмир баяны ҳәм қосықларының дөрелиў тарийхы ҳәм тәрийпи ҳаққында кең түрде сөз етип берди. Соң мектептиң 7-10-11-класс оқыўшылары тәрепинен таярланған сахналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы қойып берилди.
Әдебий кеше жүдә мазмунлы ҳәм қызықлы болды.
Базаргүл Инятова,
Нөкис, 36-санлы мектептиң география пәни муғаллими.
