Баспасөз материаллары жазба дәрек сыпатында қарақалпақ әдебий тилиниң раўажланыўын үйрениў ҳәм баҳалаў, оның имканиятларын жүзеге шығарыў сондай-ақ сөйлеў ҳәм жазыў мәдениятын, улыўма саўатлылықты асырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Қарақалпақ әдебий тилиниң функционаллық стиллери белгили дәрежеде изертленип олардың өзине тән өзгешеликлери бүгинги раўажланыў дәрежеси менен байланыслы тәризде дәўир талабы менен тереңирек анализ етилиўи керек. Қарақалпақ күнделикли бапспасөзиниң газета тилинде әдебий тил нормаларын сақлаў, буның сөйлеў, жазыў мәдениятына тәсири, баспасөз тилиниң раўажланыўында заманагөй дәстүрлерди үйрениў, бизиң пикиримизше қарақалпақ тил билиминдеги ең актуал мәселелердиң қатарына киреди.
Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи, тилден пайдаланыўдағы еркинлик, кең мүмкиншиликлердиң пайда болыўына жол ашты. Газета тилинде образлылық, тәсиршеңлик, анықлық, ықшамлық сыяқлы бир қатар өзгешеликлерди қәлиплестирди. Бул жағдай газета жанрлары ҳәм олардың тили менен стилиниң көркемлигин асырды. Усы мәселелерди тереңирек үйрениў, анализ етиў әсиресе газетада тил мәдениятын асырыў, қарақалпақ әдебий тилиниң раўажланыўында тутатуғын орнын анықлаў – ҳәзирги қарақалпақ тил билиминдеги шешилиўи керек болған ең әҳмийетли мәселелердиң қатарына киреди.
Күнделикли баспасөз тили ҳәм публицистикалық стил бойынша илимий изертлеў жумыслары дүньяның бир қатар жетекши илимий орайлары ҳәм жоқары оқыў орынларында жүргизилген ҳәм бүгинги күнде де алып барылмақта.
Газета текстиниң анық, түсиникли ҳәм әпиўайы болыўы, газета тилиниң ең аз изертленип атырған тараў екенлиги, газета жанрларының өзине тән өзгешеликлери бойынша үйренилмегенлиги көрсетиледи. Газета тилиндеги сөзлердиң семантикалық-стилистикалық топарларының анализи толық сәўлелениўин табады. Сондай-ақ, газеталарда сөз жасаўшы морфемалар, көплик категориясы, сеплик, сондай-ақ, гәп ағзаларына, сөз шақапларына ҳәм басқа да мәселелерге дыққат қаратылады. Түркий тиллериндеги айырым изертлеўлерде газета тилиндеги араб-парсы сөзлери, түркий тиллес халықларының және де рус тили ҳәм рус тили арқалы басқа тиллерден өзлестирилген сөзлер үйренилген. Ал, айырым изертлеўшилер газета лексикасы, китабый тил элементлери, аўызеки сөйлеў тили элементлери, айырым морфологиялық бирликлердиң қолланыў жийилигиниң артыўы мәселелерине, сондай-ақ, күнделикли баспасөз тилиниң грамматикалық қурылысларына анализ жасайды.
Баспасөз тили қарақалпақ тил билиминдеги ең аз изертленген, илимий әдебиятларда еле жақсы сәўлеленбеген тараў болса да, газета тили бойынша рус ҳәм түркий тиллеринде илимий мақалалар жәрияланып, кандидатлық, докторлық диссертациялар қорғалған.
Қарақалпақстан күнделикли баспасөзи қарақалпақ әдебий тилиниң айнасы сыпатында алып қараўымызға болады. Себеби тилдеги барлық лексикалық бирликлер газета тилинде қолланылады. Тәжирийбели журналист А.Турекееваның интервьюлеринде турақлы сөз дизбеги, көркем сүўретлеў қураллары менен бирге нақыл-мақаллардан да шебер пайдаланылады. Мысалы: Халқымызда гәп бар ғой, «Жер қатты болса өгиз-өгизден көреди», «Шымшық сойсада қассап сойсын», «Туўры гәп туўғаныңа жақпайды», («Қарақалпақстан жаслары» газетасынан алынды).
Жуўмақлап айтқанда Қарақалпақстан күнделикли баспасөзиниң тили, стили тил билими тараўында жүдә әҳмийетли орын турады. Соның менен бирге жәмийеттиң билим дәрежесин, сөйлеў мәдениятын, руўхый дүньясын жетилистирип барыўда темалары газета оқыўшысына жеткерип бериўде өзине тән баянлаў усылына ийе екенлигин атап көрсетиўимизге болады.
Динара АЛЛАМУРАТОВА,
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистранты.
