Ул болса өзиң бил ат қойыў жайын,
Мейли Ғафур, Ҳәмид, мейли Ибрайым,
Бирақ сизге бир нәсият қылайын,
Қызыңыз өнерпаз, шайыра болсын,
Гөззаллық тымсалы болсын илайым,
Аты ҳәм, өзи ҳәм Зульфия болсын.
Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсуповтың бул қосық қатарларын оқыған ҳәр бир инсан толқынланыўы тәбийий. Әсиресе, усы бәҳәр әййямының, дәслепки сәнелеринде усы жылдың Зульфия қызы ким болады екен деп жаңалыққа жанымыз қумар болып, ҳәўесимиз бенен күтемиз.
Хош хабар келди. Ҳақыйқый Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ийелерин тапты.
Жыл басынан газетамыздың ҳәр бир санында қызларымыздың жетискенликлерин, ерисип атырған табысларын журтшылыққа таныстырып бармақтамыз. Усындай ўақытлары мың қәтле шүкир, елимизде ҳаял-қызларға итибар, қоллап–қуўатлаў жоқары дәрежеде деп қуўанамыз. Мине, және еки әўметли, бахытлы қызымыз ҳәр бир қыздың ҳәўес етип, сезимин тербендиретуғын әрманына жетисти.
Гүлшынар Худайбергенова – Қарақалпақстан Республикасы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң бақсышылық класы оқытыўшысы.
Ол Хожели районында туўылып, 2021-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлаған. Өткен жылы институттын магистратурасын питкерип, қәнигелиги бойынша алған билимлерин жасларға үйретиў менен тынымсыз изленислерге умтылып киятырғанын жетискенликлеринен көриўимизге болады. Бақсышылық жөнелисинде изленип киятырған жас көркем өнер ийеси Гүлшынар Худайбергенова 2019-жылы Ташкент қаласында сүўретлеў көркем өнер галериясында бақсы Ерисбай Асқаров пенен бирге “Саятхан Хамра” атлы дәстан кешесин өткериўге ериседи.
2023-жылда “Аббаз ҳаўазы–Қаратерең ырғақлары” фольклор фестивалы дөгерегинде «Бақсышылық» жөнелиси бойынша өткерилген республикалық таңлаўында 1-орын, сол жылы Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан халық бақсысы Әмет Тарийховтың 100 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген Республикалық бақсылар таңлаўында 1-орынды ийелесе, «Дәстүрий ҳәм заманагөй саз әсбаплары атқарыўшылығы» таңлаўының Қарақалпақстан республикасы басқышында 2-орынды ийелеген.
Гүлшынар Худайбергенованың табысларын мақалаға қамтып жазар екенмен, және қоңыраў етейин, байланысар-аў деп телефон номерин тердим.
– Алло, Гүлшынар қызым, табысларың оң болсын. “Қарақалпақстан жаслары” газетасы арқалы пүткил жаслар атынан қутлықлаймыз…
– Рахмет. Мен жүдә қуўанышлыман. Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың шөлкемлестирилгенине жигирма бес жыл толса, 25 жасымда усы сыйлықтың ийеси болып атырман. Ең әўметли жаслардың биримен – деп айта аламан. Биз жаслардың бундай бахытқа ерисиўимизде Президентимиздиң аталарша ғамқорлығы, ҳаял-қызларға жаратып атырған имканиятлары деп билемиз” – дейди толқынланып турған Зульфия қызы.
Көркем өнердиң бақсышылық жөнелиси бойынша алған билимлерин келешек жас әўладларға үйретип, шәкиртлер таярлап, усындай сыйлық ийелерин жетилистириўди нийет еткен Гүлшынар Худайбергеноваға әўмет яр болыўын тилеймиз.
* * *
Нурсулыў Коканова – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллери факультети, шет тили ҳәм әдебияты бағдары 4-курс студенти.
Аты, фамилиясын еситиўден, жас китапқумар қызымыз Президент саўғасы “Спарк” автомашинасының ийеси, бәракалла, нағыз сыйлықтың ийеси-ғо деп көпшилик ҳәўеслене, сүйсинип қуўанбақта.
Жоқары сыйлықтың яғный, исенимниң жуўапкершилигин тереңнен сезинип, жыллар өтип жуўмағын ис жүзинде көрсетип атырған Нурсулыў Коканова және елимизде шайыра Зульфия қызы болып танылмақта.
Оның 2018-жыл “Ғәрезсиз ел перзентимен”, 2022-жыл “Customs of Karakalpakstan” атлы китаплары, 2023-жыл “The World of Idioms df “English Idioms” атлы монографиялары жарық көрди.
Нурсулыў Коканова инглис тили ҳәм әдебияты пәнин терең үйрениў менен бирге, жасларды китап оқыўға рухландырыў, ҳаял–қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин асырыўға да өз жәрдемин тийгизип келмекте. Ол илимий-әмелий конференцияларға өз мақалалары менен қатнасып, бирнеше сертификатлар менен сыйлықланған. 2023-жылы Мысыр мәмлекетинде шөлкемлестирилген көркем өнер ҳәм тынышлық форумында делегат сыпатында онлайн қатнасқаны ушын гүўалықнама менен сыйлықланады. Және де Россия мәмлекетиниң «Dictation NSTU 2023» халықаралық онлайн таңлаўында 2-орынды ийелеп, Ҳиндстанның Ramco институты тәрепинен «Тәбиятты қорғаў күни» мүнәсибети менен өткерилген халықаралық онлайн таңлаўында сертификат пенен сыйлықланған.
Ҳәр қандай нәтийже арқасында қаншама мийнет, тынымсыз излениўлер болатуғынлығын Нурсулыўдың жетискенлигинен билсек болады.
– Ҳақыйқатында да Нурсулыў Коканова билимге қуштар, илимге умтылыўшаң студент. Өз қәнигелигиниң жетик билимданы, халықаралық сертификат ийеси, илимий изленистеги қызымыздың табысы барлық устазлардың мийнетиниң жемиси,–дейди университет ҳаял–қызлар мәселелери бойынша ректор мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова.
Быйылғы бәҳәр Нурсулыў Коканова ушын бахыт әййямы болды. Артқа шегинбей, жеңимпазлық ушын гүресип, ҳәрекет еткен ол; – Төрт жыл сыйлыққа қатнасып, қалып қойып жүрген ўақытларым әлбетте, Зульфияның қызы боламан деп талпындым, нийетиме еристим,–дейди қос байрамды қуўаныш пенен қарсы алған студент, Зульфия қызы.
Инглис, рус, немец ҳәм түрк тиллерин өзлестирген қызымыздың келешеги пәраўан, әрманлары бийиклерге пәрўазлайтуғынлығы анық, рәўшан.
Нийетиң ҳәмийше жолдасың болсын деген тилектемиз, Зульфия қызы.
Зибира АБДИНИЯЗОВА,
Арнаўлы хабаршымыз.
