Бул теберик журтта Едиге бабамыздың жасағанлары ҳаққында дереклер бар. Халқымыз бул уллы инсанның батырлығын жырлаўшы дәстан пайда еткен. Едиге бабамыздың батырлығын дәстан етип жырлаған. Ақ орда қарамағында жасаған Сыпыра жыраў ѳз заманының кѳркем сѳз шебери сыпатында кѳзге түсти. Соппаслы Сыпыра жыраўдың «Едиге» дәстаны Арал бойында дѳреген жазба тарийхый эпикалық шығармалардың бири. Арал бойы халықлары арасында тараған аңызларда Едиге қыйыншылықта ѳсип камалға келгенлиги, әдиллик тәрептары ретинде сѳз етиледи. ХV әсирде ѳмир сүрген тарийхшы алым Аз-Захабий Едиге ҳаққында былай деп жазады: «Мен Едигени жақын билген ҳәм оның менен бир неше мәрте бирге болған адамды кѳрдим. Ол маған Едигениң ҳайран қаларлық ерликлери, қаҳарманлықлары, басқарыў шеберлиги ҳәм уллылығы ҳаққында айтып берди. Ақманғыт руўынан шыққан Едиге бабамыз ҳаққында ХV әсирдиң 20-30-жылларында араб тарийхшысы Ибн Арабшах былай деп жазған: «Едиге орта бойлы,толық денели, жүзи жағымлы,ол мыйық тартып жүрседе айбатлы кѳринер еди. Ол жоқары ақыл ийеси болыў менен бирге, әтирапына алым ҳәм ойшылларды жыйнаған. Намаз оқып,ораза тутқан. Мәмлекетимизде халқымыздың бай мәденияты менен бийбаҳа илимий философиялық, мәдений-руўхый қәдириятларын қайта тиклеў ҳәм үйрениў ушын зәрүр болған барлық имканиятлар жаратылған. Соның менен бирге, халқымызға фольклорымыз ҳәм дәстанларымыз арқалы таныс болған тарийхый шахслар да үйренилмекте. Едиге 1406- жылдан баслап 1413-жылға шекем Түслик Арал әтирапларын Алтын Ордаға бирлестирип басқарып турған. «Едиге» дәстанында қарақалпақ халқының руўхый байлығы терең сиңдирилип, халықтың барлық жақсылық, адамгершилик, дослық, ҳаққында философиялық кѳз-қарасы сәўлеленген, халықтың жүрек тѳринен орын алған дәстан болып есапланады. Едигени қарақалпақлар ѳз бабасы деп таныйды. Тарийхта Едигениң баласы Нуратдин, Нуратдинниң баласы Оққас, Оққастың баласы Муўсабий, Муўсабийдиң баласы Исмайыл, Исмайылдың баласы Тынахмет, Тынахметтиң баласы Орманбет бий, Қарақалпақлар арасында «Едигени жырласақ күн жаўады» – деген бақсы, жыраўлар арасында аңызлар бар. Алтын Орда тарийхында түрклерден шығып, ең изинде патша дәрежесине ерискен еки күшли Әмир бар. Булардың бириншиси – Сақыпқыран Әмир Темур болса, екиншиси – Едиге. Едиге Әмир Темурды ѳз устазы деп есаплаған. Иран тарийхшысы Натанзий Әмир Темур менен батыр Едигениң қаҳарманлықларын тең баҳалаған. Едиге Орайлық Азия ҳәм Шығыс Европа тарийхында қурамалы бир шахс. Едиге батырдың он баласы болған.
Тамара БӨЛЕКБАЕВА,
Нѳкис районы Мәлимлеме китапхана орайы Руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша жуўапкер қәниге.
