Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан биринши нәўбетте кимлер мәпдар? Әлбетте, халқымыздың көпшилигин яғный, 60 процентин отыз жасқа шекемги қыз-жигитлер қурайды. Жасларға қаратылған итибар ҳәм ғамқорлық нәтийжесинде көплеген тараўларда олардың орны ҳәм роли жыл сайын артып бармақта. Солардан киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўында, сондай-ақ жаңа Өзбекстанда инсан қәдирин улығлаў, халқымыз мәплерин тәмийинлеў, буның ушын күшли экономика пайда етиў тийкарғы ўазыйпалардың бири.
Президентимиз тәрепинен 2024-жыл “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” деп жәрияланып, исбилерменлерге бир қанша жеңилликлер жаратылып, имканиятлар есиги кеңнен ашылды. Шымбайлы Дилноза Пирманова да усындай имканиятлардан орынлы пайдаланбақта.
Анасы Жамила Маткаримовадан өнер – өшпес ғәзийне екенлигин кишкенелигинен уғынды. Кәсипти, өнерди ҳәмме теңдей меңгерип кете бермейди. Онда инта, ықлас, уқып ҳәм қызығыўшылық болыўы керек. Дилноза Пирманова бәрҳама анасының жәрдемшиси болып, тигиўшилик ҳәм пишиўшилик сырларын үйренип, өмир азығын, келешек мәнзилин жаратты.
Соңғы заманагөй модадағы кийим-кеншеклердиң дүканлардағы баҳаларын бираз қымбат көрип, Дилноза Пирманова сыяқлы тигиўшилерге жумысымыз түсип барамыз. Өзимизше аңсат көремиз, бирақ еплей алмайтуғынымызды, бул өнердиң де ийеси болатуғынлығын аңлаймыз ҳәм өнерде өрлейтуғын инсан кәсиби екенлигин түсинемиз.
Қолы гүл, он бармағы өнерли шебер Дилноза Пирманова 2018-жылы “Айша–Муўса” тигиў цехын ашып, халыққа өз өнери менен хызметин баслайды. Ҳаял–қызлардың кийимлерин тигип, қарыйдар талабын кеўлиндегидей орынлап, заман талабына қарай өнерин кең ең жайдырып барыўды режелестиреди.
–Ҳақыйқатында заман ҳәм дәўир талабы күн сайын өсип бармақта. Қарыйдар талабы заман менен теңлеспекте. Буйыртпашының талабын кеўлиндегидей атқарыў ҳәм ўақтында орынлаў ушын жумыс орнымды кеңейтиў зәрүрлиги келип шығып, имканиятлардан пайдаландым. Өткен жылы “Жаслар келешегимиз” фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалынан 300 миллион сум жеңиллетилген кредит алдым.
Жумыс орнымды кеңейттим, керекли үскенелер алдым, – дейди заман талабына қарай өрлеп баратырған исбилермен Дилноза Пирманова.
Шараятлар ҳәм қолайлықлар жаратып алған исбилермен Дилноза 25 жасты жумыс пенен тәмийинлеп, өним ислеп шығарыўын әдеўир кеңейтиўге еристи.
Бүгинги күни ер ҳәм ҳаял–қызлар, балалар ҳәм спорт кийимлерин тигип, дүканларға тарқатып, қарыйдарларын көбейтип бармақта.
Қолы гүл шебер тигиўши, дәўир исбилермени халық алғысындағы Дилноза Пирмановаға өмирлик жолдасы Наўрызбай Өсербаев сүйениши ҳәм қоллап-қуўатлаўшысы болып киятырғанынан кеўли тоқ болса, шаңарағының аўызбиршилиги ҳәм берекетинен сүйсинеди.
Халқымызда “Өнерли өрге жүзеди” деген даналық гәп бар. Бул ҳикметке жүгинер болсақ Дилноза Пирмановада келешекте исбилерменлигин еледе кеңейтип өз фабрикасын шөлкемлестириўди нийет етпекте.
Елимизде исбилерменликти раўажландырыў, олар ушын барлық шараятларды жаратыўда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Әлбетте, Дилноза да усындай имканиятлардан пайдаланады ҳәм күшли экономика пайда етеди деп үмит етемиз.
Зибира АБДИНИЯЗОВА.
