ТОЙЛАРДЫҢ ҚӘДИРИН КЕТИРМЕЙИК

Ойланып қарасам тойлар ҳаққында көп мақалалар жазған екенмен. Ҳәр жылы тойлардың саны көбейип, оларға түрли өзгерислер киргизилип атыр.
–Балам, қәлеген қызың болса елдиң дәстүрин ислеп дәслеп алдынан өтип сырға салайық. Кейин айттырып аламыз.
Анасы тәрепинен баласы айтқан сөз мақулланып, болажақ келинниң үйине барыўға таярлық басланып кетеди.
Елдиң дәстүрин ислейик–деп әнендей басланған ислер бүгинги күни ойлап табылған дәбдебелер менен даўам еттирилетуғын болды. Негизи болажақ ене қасына бир, мәйли еки-үш жақынын ертип, елеспесиз сырғаны салып келсе де болады.
Яқ, ҳәзир олай етпейди, журттың ислегенин ислейик, басқалардан да өтейик – деп барын шашады. Күнде базарға, дүканларға жуўырады. Өзинде жоқ болса прокатқа үш-төрт (ҳәзир буннан да көбирек) себет алып биреўин нан-баўырсақ, сомса, перашкилерге толтырады, екиншисине мийўе салса, үшиншисине мазалы печеньелер, конфеталарды жайластырады, төртиншисине қадақланған шоколадлар салады, ал бесиншисине тортты көз-көз етип бәрин қатара дизип қояды.
Қыздың қалың малын да сол күни апаратуғын болса 15-20 адам барады.
(Қуда шақырық буннан бөлек). Үлкен орамалға таўар–шаршы түйиледи.
Сырғаны баланың анасы салады, олар менен келгенлер пайғазы деп бир-бир таўардан береди.
Ал, енди қыз беретуғын ата–аналар да қарап отырмайды. «Сырға салыў» деп бир бөлмени баннер, гүллер, шарлар менен безейди. Камера бәрин түсирип турады. Сырға салынған соң қыз тәрептегилер де сумкаларын қарастырып, пайғазы береди.
Ортада қанша пуллар “зар жылап” кетти. Айтпақшы, жигит тәреп қыздың досларына да өз алдына коробкаларға салып, исленген саўғалар әкеледи. Оларды да жеткерсин–деп.
Мәйли, келин ушын иследик дерсиз. Ал, енди бүгинги күни үлкен үрдиске айланған “Годик” туўралы не айтасыз? Бурынғы “бесик той” сәл жерде “годик” болып шыға келди. Кореец миллетинен кирген тойды бүгин өзлеримизге “қосып” алдық. Қызың, оған қосып дүньясын берген байғус ата-ана енди көптиң алдында және үлкен “сынаққа” түседи.

Ақлығына қыз болса алтын сырға, ул болса өзи жүретуғын машина (2-3 миллионлық) ҳәм кийим-кеншек, велосипед, коляска, ходонок, кийим шкаф, мебель, ойыншықлар апарады. Және сарпайлары, шашыўлары бар.
Еле көпшиликке қосылмаған, үйиндегилерден басқаны көрмеген баланы машинаға отырғызып ортада былай–былай жүргизеди. Бала өзине аталған сонша сыйды қайдан билсин? Тоқтамай жылайды. Ата–анасы жубата алмай ҳәлек.
Және белгили адамға тусаўын кестиреди. Бала адамларды жатырқап және жылайды. Суўық болса сулыўлап желең кийиндирилген бала аязлайды, ыссы болса бийтақатланып, иши өтеди. Ортада және шығынлардың бийкарға кеткени қалады. Қызының енесине жемпер яки мықлы жағалы кийим кийдиргенде биреўлери менсинбей турады. Ал, сол келинниң анасына алтын жүзик я билезик салады.
Айтпақшы, бесикти годиктен бурын апарып таслайды.
Бир-еки саатлық тойда көз алдыңда өтетуғын усындай дәбдебелерге сол ўақытта адамлар оо, деп қарасар, тамағыңды жеп болған соң сыртқа шығып өсек етеди.
Ҳеш қашан адамның кеўлинен шыға алмайсаң.
Келин той баз-баяғы орынсыз шығын, ысырапкершилик, дәбдебе. Енди және бир “Мэри мэй” деген церемония шығыпты.
2023-жыл сентябрьде Ташкенттеги “Япон бағын”да өзгеше бир көринистиң гүўасы болып, ҳайран қалып едим. Сондай сулыў етип гүллер, шарлар менен безелген, алтын тахт қойылған. Алыстан досларын ертип маликалардай салланған қыз келди. Жигит жоралары менен алдынан шығып, ҳүрмет пенен күтип алды. Қызды тахтқа отырғызып, жигит дизерлеп қолына бриллиант көзли (сирә солай шығыр) жүзик салды. Әтирапта жарқылдап жанған шырақлар, атылған солютлар сулыў япон бағына және де өзгешелик бағышлады. – Мен бул не екен? – деп еле ҳайран болып турман .
– “Мәри мэй” ғой бул – деди қасындағы қызым менен сиңлим.
– Ол не дегени?
– Қыздың қолын сораў. Шет елден кирип келген ғой – деп түсиндирди қызым.
– Бай-буў, бизиң жақларға да барады еле, – деп қәўетерлендим.
– Бул нәрселер бираздан бери бар. Сиз биринши көрип турсыз.
– Нөкисте ме?
– Ҳаў, аўа-дә.
Жүрегим “суў” ете қалды.
Ойсыз жаслар. Өзиң таўып, буларды ислегениң менен де ата-анаңа жәбир етесең. Сол пулларды тойыңа сарыплағанда ма?
–Қызлардың қалыңы 50 миллионға шығыпты.
– Аўа-дә ҳәмме нәрсе қымбат ғой– деп мақуллайды басқалар.
Буннан басқа 30, 40, 50, 60, 63, 70, 80 жыллық юбилей тойлар берилип атыр.
Бурын шемби, екшемби күнлери той берилетуғын еди. Аўылларда егис ўақытлары тойлар тоқтатылып турған. Ҳәзир ше, ҳәзир, қудайдың қутлы күни тойлар болады. Әлбетте, тынышлықтың, тоқшылықтың арқасы, тойға жеткергенине шүкир–десеш деўиңиз мүмкин. Дурыс, мың шүкир. Ҳәмме улын үйлендирип, қызын узатып, баласын сүннетлеп той беремен–деп өмир бойы жыйналады. Бирақ, гейде асырып, ҳәдден тыс шашып жиберемиз.
Тойлардың көплигинен биреўлерине кирип, списоктан өтемиз де кетемиз. Ресторанларға барсақ биринши аўқатты жей салып кетип қалған адамлардың орынлары босап қалады. Кесаға 4-5 пелмен салып беретуғын екинши аўқат солайынша ысырап болады. Бет ашарға қараў яки қыз узатылыўды көриў деген қалды. Тойға бардық па болды – деген түсиникте жүрмиз. Ата-аналар, туўған-туўысқанлар шашылып берген тойлар солайынша өтеди де кетеди.
Туўған-туўысқанлар демей не дейик, олар да алыс-бериске қосылады. Ортада қанша пул жыйнаўлар бар. Қыз узатылса жүгине, алтынына деп пул жыйнайды. Қәде-қәўметке және қосады. Қоспаса өкпелейсең. Бирақ, ертең өзиң бергенде қыйналасаң. Жылдың басында тойлардың базылары қысқартылады екен – деген гәплер шыққанда “жақсы болар еди” – десип едик.
Бирақ, тойлар көбейди. Оразадан соң берилетуғын тойлар дизими тур.
Ҳәр күни берилип атырған тойларға сырттан қарап баҳа берсең сонша миллионлар (ҳәттеки барлар миллиардлап) жумсап той берсе де тойлардың қәдирин жоғалтып алдық–аў деп қәўетерленемен. Тойлардың ықшамлы, қәдирли болып өтиўине ҳеш нәрсе жетпейди. Тыныш елге тойлар жарасады. Тек өзимиз себепши болып қәдирсизлендиремиз дә.

А.ТУРЕКЕЕВА.