– Ақудай азмаз шыдам бер, бәри артта қалады, умытшақ аўырыў, нәрестеңди баўырыңа басқанда барлық аўырыўларыңды умытасаң. Ҳаял адамның жаратылысы сол, жылап келдиң, күлип қайтасаң…
– Илайым он еки мүшеси менен еки жанын бир бергей деп қолы дуўада турған ана шыңғырып жылаған нәресте даўысын еситип жылап жиберип, қайта-қайта шүкиршилик етип атыр.
– Зульфия Абатованың енеси ким, аман саў босанып алды, қызлы болдыңыз, өмири менен берген болсын илайым.
– Ҳаў қарағым атыңыз ким?
– Гүлбазар акушеркаман. Қорықпаң ана ҳәм бала денсаўлығы жақсы.
Әне және бир ҳаял ана деген иләҳий бахытты сезинди.
Усындай қуўанышқа ерисиўде еки адамның өмирине жуўап бериў жуўапкершилигин алыў да аңсат нәрсе емеслигин билемиз ҳәм шыпакерлерге мың-мың мәрте алғыслар айтамыз.
Мине, усындай инсан өмирин қәўип-қәтерден аман сақлап, тәжирийбелерин, билимлерин жумсап, алғысларға сазаўар инсан Гүлбазар Хожаниязова. Ол 1992-жылы Нөкис медицина колледжиниң акушерлик бөлимин питкерип, республикалық туўыў үйине жумысқа өтип, ата-ана болыў сезимине бөленип, дәнекерин қушағына салған, ҳаялдың толғаққа шыдамай жылағанын, нәрестесиниң ийсин сезген ананың қуўанышлары жүрегин басқаша елжиретип, қосылып жылаған ўақытлары ҳәм кәсибинен миннетдар пайытлары көп болған.
Әлбетте, кәсипке сүйиспеншилик ҳәр қандай қыйыншылықты жеңип шығыўы сөзсиз. Гүлбазар Хожаниязова устазлары С.Юсупова, Т.Сейдаметова, Н.Жумагулова ҳәм бас акушерка-шыпакерлери Г.Абдираманова ҳәм Г.Аллаяровалар менен биргеликте билимлерин арттырып, тәжирийбелер алмасады.
Ана ҳәм бала саламатлығын сақлаў, қәўипсиз аналық ҳәм балалық, дәри-дәрмақсыз туўыў, жаңа технологиялар бойынша жумыс алып барыў бойынша семинар оқыўларға, әмелиятларға қатнасып билимлерин асырып бармақта.
– Балажанлы халықпыз-ғой, кейинги ўақытлары төрт-бес, гейде алтыншы баланы дүньяға келтирип атырған ҳаяллар да болып атыр. Бул демек ана ҳәм бала саламатлығына итибардың күшли екенлигин билсек болады. Туўыў үйимиз жаңа технологиялар менен тәмийинленген. Мәселен, туўыўды жеңиллестириўге жәрдем беретуғын кроватлар, КТГ электрон доплер аппаратында баланың жүрек урысын тыңлап ҳәм қағаз түринде де көриўге болса, Сипап аппаратында баланың өкпесин ашыўға жәрдем берсе, монитор аппаратында ҳаялдың қан басымын, пульсин ҳәм қандағы кислород айланысын көрсетип береди. Бул шараятларды кәсип пидайылары жумысларына толық имканият деп биледи, – дейди Нөкис қалалық медициналық бирлеспесиниң туўыў бөлими акушеркасы Гүлбазар Хожаниязова.
“Балалы үй базар”. Бахытлы шаңарақларымызда нәресте даўысы жаңласын, жаратылысы ҳаял адамның бәри-бәри аналық бахытын сезинсин.
Зибира АБДИНИЯЗОВА,
Арнаўлы хабаршымыз.
Сүўретте: Г.Хожаниязова.
