Бизиӊ арамызда өзиниӊ жоқары инсаныйлық пазыйлетлери менен әтирапындағыларға өрнек бола алатуғын, таӊлаған кәсибине айрықша меҳир қойған, оныӊ машақатларынан шегинбей, пидәкерлик пенен мийнет ететуғын әжайып инсанлар көплеп ушырасады. Усындай кишипейил, пидайы, өз қәнигелиги бойынша тереӊ билимге ийе, ағла пазыйлетлерди бойына жәмлеген дөретиўши инсанлардыӊ бири болған Шәригүл Әметованыӊ мийнет жолын, изленислерин, кәсиплик жетискенликлерин ҳүрмет пенен атап өтсек арзыйды. Ол бүгинги күнде Қарақалпақстан телерадиокомпаниясында ислеп атырған тәжирийбели
тележурналистлердиӊ бири.
Ш.Әметова өзиниӊ дәслепки мийнет жолын 1989-жылы Қарақалпақстан радиоканалында балалар ушын арналған «Таӊ шуғласы» еситтириўинде баслаўшылық етиўден баслайды. Усы еситтириўди 1992-жылға шекем алып барып, өзиниӊ жағымлы ҳаўазы менен тыӊлаўшылардыӊ кеўил төринен орын алып, журналистиканыӊ сырларын тереӊнен үйрениўге умтылып, тәжирийбесин жетилистирди. 1992-жылдан баслап Қарақалпақстан телеканалында жумыс баслап, жас өспиримлерге арналған «Нәўше» көрсетиўин алып барды. Телеэкран арқалы халқымызға жақыннан таныла баслайды.
1993-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ журналистика бөлимине оқыўға киреди. Ол Қарақалпақстан телевидениесиниӊ көрсетиўлер бағдарламаларында дикторлық етиў менен бирге «Хабар» информациялық бағдарламасын алып барды. 2003-жылы ерте таӊнан ел-халқымызға сәлем жоллап, пайызлы шаӊарақларға еӊ жақсы тилеклер менен кирип барыўшы «Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан» кеўил ашар көрсетиўиниӊ шемби күнги санын таярлап, баслаўшылық етти.
2004-жылдан баслап миллий бағдардағы «Мийрас» көрсетиўин таярлап алып барыў журналисттиӊ өз кәсибине болған меҳрин және де асырды. Қарақалпақ халқыныӊ нешше мыӊ жыллық бай тарийхы, атадан балаға өтип киятырған бийбаҳа миллий үрп-әдетлери менен салт-дәстүрлери ҳәр бир көрсетиўинде кеӊ түрде сөз етилип барды.
2012–2018-жыллар аралығында Қарақалпақстан телеканалы «Саз-сәўбетли дем алыс ҳәм кино бағдарламалары» бас редакциясында бас редактор орынбасары лаўазымында ислеп, телеканал көрсетиўлериниӊ ҳәр тәреплеме сапалы ҳәм тартымлы шығыўында өз билим ҳәм тәжирийбесин көрсете алды. «Саз-сәўбетли дем алыс ҳәм кино бағдарламалары» бас редакциясында әдебий музыкалы бағдардағы көрсетиўлер, атап айтқанда «Әмиў ырғақлары», «Екшембиде сизлер менен», «Алтын мийрас», «Алтын фонд», «Саз-сәўбет кешеси» сыяқлы көрсетиўлери турақлы түрде эфирге берилип, өз ықласбентлерине ийе көрсетиўлерден болып табылады.
Журналисттиӊ сценарий авторлығындағы «Тәғдир сынағы» фильми телеканал ықласбентлерине усынылды.
Бүгинги күни де оныӊ авторлығында тиккелей эфирде берилип барылатуғын «Саз-сәўбет кешеси» көрсетиўи өз ықласбентлерине ийе, асығыслық пенен күтип, сүйип тамашалайтуғын жойбарлардыӊ бири. «Сиз сағынған ҳаўазлар» — қарақалпақ көркем өнеринде өз жолы, ҳаўазы менен танылған қосықшыларымыз дөретиўшилигин ашып беретуғын ҳақыйқый ықласбентлери нәзериндеги көрсетиўлеринен бири. Әсиресе, бақсышылық өнери бағдарында өткерилген телефестиваллар, Башкирия сапары, қулласы, көркем өнер ҳәм мәдениятымыз мақтанышы болған халық ардақлаған талант ийелериниӊ жетискенликлери ҳаққында дүркин көрсетиўлери эфир жүзин көрди.
Ш.Әметова пидайы устаз сыпатында шәкиртлерге кәсип сырларын жалықпай үйретип, олардың дөретиўшилик искерлигине тереңнен итибар қаратты. Қәбилетли жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, олардың талантын жүзеге шығарыўға, тәжирийбесин асырыўға ҳәрекет етти.
Кеӊ эрудицияға, үлкен дөретиўшилик потенциалға ийе талантлы журналист Шәригүл Әметова еле де мазмунлы көрсетиўлерди халқымызға инәм етиўине исенемиз.
Бахытлы САРЫБАЕВ,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби муғаллими.
