САЛАМАТЛЫҒЫҢ СЕНИҢ БАЙЛЫҒЫҢ

Ўа, денсаўлық, денсаўлық,
Сен бир жүрген қол жаўлық,
Базарың түсип кеткенде,
Баҳаң пияз бир баўлық.
(И.Юсупов).
Саламатлық сақшыларына әзелден ҳүрмет айрықша. Олар барлық жерде ең керекли кәсип ийелери. Кишкенелигимизде “қолы жеңил” мийирбийке деп таныйтуғын апаларымызға жүдә ҳәўес етер едим. Үлкейе келе мен мийирбике болыўды әрман еттим. Нөкис қаласындағы 1-санлы медициналық колледжде билим алдым. 2009-жылдан баслап Республикалық қыстаўлы медициналық тез жәрдем илимий орайының неврология бөлиминде мийирбийке болып ислеп киятырман.
Үлкен жәмәәтке араласып, дәслепки жумыс күнимнен баслап, тәжирийбели, елимизге танымалы шыпакерлер, бас мийирбийкелерден үйренгенлерим көп болды. Әсиресе, этикадентология қағыйдаларына әмел етиў яғный, наўқасқа жыллы сөз ҳәм жақсы мүнәсибетте болыў кереклигин үйретти. Ҳәттеки, керекли дәри-дармақлар менен бирге бир аўыз жыллы сөз де наўқас ушын ем болады екен.
Керекли кәсип ийеси екенлигинен жүдә бахытлыман. Бөлимимизге “Тез жәрдем” машинасында келип, саўалып өз аяғы менен үйлерине шығып кетип баратырған наўқаслар шын жүректен миннетдаршылығын билдиреди. Емлеўханамыз ҳәзирги ўақытта және де имканиятларын кеңейтип атыр. Санлы технологиялар ең соңғы медициналық әсбап-үскенелер әкелинген. «Халық саламатлығы – ел байлығы» Дәртке дәрман, қәстеге шыпа болыў бизлердиң баслы ўазыйпамыз.
Нәўбәҳәр ТЛЕЎОВА,
Республикалық қыстаўлы медициналық тез жәрдем илимий орайының неврология бөлиминиң мийирбийкеси.