«ОЛ АРҚАЛЫ ДҮНЬЯНЫ КӨРИЎ МҮМКИН»

Жәмийет раўажланыўында руўхый кәмил инсанлар оғада зәрүрли орын тутады. Инсанның руўхый кәмилликке жетиўи болса, оның китаплар менен қайсы дәрежеде дослығына байланыслы. Инсанның жоқары пазыйлетлерге ийе, руўхый бәркамал болып жетилисиўинде болса китаплар, китапқумарлық зәрүрли орын тутады.
Китап оқыў – дослыққа, мийнетсүйгишликке, күшли болыўға, қәбилетлериниң өсиўине пән ҳәм мәденият байлықларын ийелеў инсаният тарийхы ҳәм ҳәзирги турмысты түсинип алыўға жәрдем береди. Бул жағдайда бизге жақыннан көмекши болатуғын бир мәкан бар. Бул – китапханлар болып табылады.
Китап оқыў билимимизди асырып, саламатлығымызға да унамлы тәсир көрсетеди. Китап оқыў әўели мий искерлигин күшейтеди. Изертлеўшилердиң китап оқыўдың тәсир күши физикалық шынығыўлардан кем емеслигин айтып өтеди. Әдебий шығармаларды үгит-нәсиятлаў жас әўладларды кәмил инсан етип тәрбиялаў ҳәм ол жағдайда жоқары руўхый пазыйлетлерди, пәк инсаный сезимлерди қәлиплестириўде зия мәканның орны жүдә жоқары болып табылады.
Китаптың инсанның өмиринде жүдә үлкен орны бар. Китап арқалы инсан дүньяны танып, гөззаллыққа болған умтылыўын асырып, жаманлықлардан узақта жүриўге үйретеди. Жасларды китап оқыўға бағдарлаў менен бирге жас тайпаларына қарай ҳәр түрли әдебиятларды усыныс етиў, оларда китап оқыўға көнликпелерди пайда етиўимиз керек.
Китапхана инсаният ушын руўхыйлық мәканы. Сол себепли ҳәзирги ўақытта жасларды китапханаға тартыў, оларды китапханаға болған қызығыўшылығын асырыў зәрүрли ўазыйпалардан есапланады. Мәлимлеме-китапханаға тийисли шығарылып атырған нызам ҳәм қарарлар ўақтында қабыл етилип, китапхана искерлигинде әмелде қолланылып атыр.
Шоманай районы ҳәкиминиң тийисли қарары менен Шоманай районы “Таза базар” МПЖ “Бахытлы” көшесинен 600 кв м жер ажыратылды. Еки қабат жай қурылып, 2022-жыл август айында пайдаланыўға тапсырылды. Ҳәзирги ўақытта кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилип атыр. Бүгинги күнде пайдаланыўшылардың қызығыўшылықлары ҳәм информацияларға болған мүтәжликлерин үйрениў тийкарында китап презентациялары, бибилографик обзорлар, мәлимлеме ҳәм руўхыйлық күнлери көркем әдебиятқа байланыслы кешелери сыяқлы илажлар өткерилип атыр.
Жәмийеттиң руўхый байлығы болған китапларды көз қарашығымыздай асыраў жас әўладларды руўхый билимли, өз журтына садық етип тәрбиялаў, пән ҳәм техника раўажланған дәўирде олардан ақылға сай пайдаланыўда китапханалардың орны күтә үлкен болып табылады. Мәмлекетимиздиң ертеңги күни болған жасларымызды билимли, дана ҳәм әлбетте бахытлы болыўы китапханалардың және де гүллеп-жаснаўына байланыслы.
Сондай екен “Китап – бул киши әйнек ол арқалы дүньяны көриў мүмкин”.

Рано ҚУДАЙБЕРГЕНОВА,
Шоманай районы. Мәлимлеме-китапхана орайы қәнийгеси.